Елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық қүдиретин арттырыў ислерине қосқан мүнәсип үлеси, елимизде барлық тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардағы белсендилиги, Ўатанымыздың раўажланыўын ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў бағдарындағы көп жыллық пидакерлик мийнети, жәмийетимизде миллетлераралық дослықты ҳәм татыўлықты беккемлеў және өз дөретиўшилиги менен халқымызды, әсиресе, жас әўладты Ўатанды сүйиў ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўдағы үлкен хызметлери ушын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педогогикалық институтының қарақалпақ әдебияты кафедрасының баслығы, филология илимлериниң докторы, профессор Кеңесбай Алламбергенов «Қарақалпақстан Республикасы халық жазыўшысы» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги