Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Мәмлекетимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық қүдиретин жоқарылатыў ҳәм реформаларды табыслы әмелге асырыў бағдарындағы үлкен хызметлери, соңғы жылларда елимизде барлық тараўларда ерисилип атырған үлкен жетискенликлерге қосқан мүнәсип үлеси, Ўатанымыз раўажланыўын ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў, өндирис тараўлары менен тармақларын заман талаплары тийкарында жетилистириў, алдынғы инновациялық технологияларды енгизиў бағдарындағы көп жыллық нәтийжели ҳәм пидәкерли мийнети, жәмийетимизде миллетлераралық дослықты ҳәм татыўлықты беккемлеў, жас әўладты Ўатан сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўда белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

                                                             Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Ибраймов Амангелди Айтбаевич  – «Өзбураўлаўнефтьгаз» акционерлик жәмийетиниң «Үстирт излеў бураўлаў басқармасы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң бураўлаўшысы

                                                                               «Дўстлик» ордени менен

Данияров Муратбай Қуўанышбаевич   – Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығының орынбасары

                                                                                «Жасорат» медалы менен

Қойлыбаева Сарбиназ Қошқарбаевна  – Нөкис қаласындағы өнермент-тигиўши

                                                                         «Келажак бунёдкори» медалы менен

Қонарбаев Давид Халбаевич  – Ташкент информация технологиялары университетиниң Нөкис филиалы студенти, Өзбекстан жаслар аўқамының басланғыш шөлкеми ағзасы

                                                                                     «Шуҳрат» медалы менен

                                                                                        (100 жастан асқанлар)

Розумова Аваз  – Төрткүл районы

                                                                                       «Шуҳрат» медалы менен

Даўлетмуратов Турсынбай Сапарниязович  – Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң Шымбай районы бойынша инспекторы

Романов Тажибай Ниетуллаевич  – Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы

Утемуратова Хатира Бекмуратовна  – «Соғлом авлод учун» халықаралық қайырқомлық қорының Әмудәрья районы таяныш пунктиниң директоры

Юсупов Данияр Юлдашевич   – Төрткүл районындағы «Бунёдкор Қорақалпоғистон» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң директоры

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 29-август