Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда байрам алдынан ҳәр қыйлы  денетәрбия ҳәм спорт илажлары өткерилмекте.

30-август күни «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!»  сүрени астында Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген веломарафон өткерилмекте.

Веломарафон «Таслақ» елатындағы биринши айланбадан старт берилип, финал 1-санлы Нөкис медицина колледжи етип белгиленген.

Веломарафонға 14-19 жас, 20-35 жас ҳәм 35 жастан үлкен болған ер балалар ҳәм қызлар қатнаспақта.

Жарыс бойынша толық мағлыўмат берип барамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги