Усы жыл 28-август күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллығы мүнәсибети менен илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, әдебият, мәденият, көркем өнер, мәнаўият ҳәм ағартыўшылық және социаллық тараўлар хызметкерлериниң бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Елимизде бул сыйлыққа халқымыздың илимий-интеллектуаллық потенциалын ҳәм мәнаўиятын арттырыў, билимлендириў, мәденият, әдебият, көркем өнер, денсаўлықты сақлаў тараўларын раўажландырыўдағы хызметлери, Ўатанымыз ғәрезсизлигин, елимиздеги тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў жумысына қосқан мүнәсип үлеси және жәмийетлик жумысларға көп жыл жемисли қатнасқан бир қатар ўатанласларымыз орден, медальлар менен сыйлықланды.

Усындай бахытқа бөлеген инсанлардың бири Мойнақ районындағы мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы директоры Гулбаҳар Тоқсанбаева. Биз оның менен сәўбетлесип, кеўил кеширмелери менен ортақластық.

– Ғәрезсизлик байрамы алдынан бул орден күтилмеген үлкен саўға болды. Азғана мийнетимди баҳалап усы орденге ылайықлы деп тапқан екен, буннан шексиз қуўаныштаман, – дейди «Дўстлик» ордени ийеси Г.Тоқсанбаева.- Бул тек ғана маған емес, ал пүткил жәмәәт ушын билдирилген исеним деп билемен. Бул маған үлкен жуўапкершилик жүклеп, келешекте елимиз мәдениятын, көркем өнерин дүньяға танытыўдай мақсетлерди алдымызға қойғанбыз.

Мағлыўмат орнында айтып өтетуғын болсақ, Г.Тоқсанбаева 1979-жыл Мойнақ районында туўылған. Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамалап, өзиниң дәслепки мийнет жолын райондағы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқытыўшы болып жумыс ислеўден баслаған. Соң, райондағы 2-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде директор, 2002-жылы районлық мәденият ҳәм спорт бөлими баслығы лаўазымларында, 2017-жыл райондағы Мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы пайдаланыўға тапсырылып, ҳәзирге шекем усы жерде жемисли мийнет етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги