Бурын хабар етилгениндей, Қарақалпақстан Республикасының барлық районларындағы Халық қабыллаўханаларында көшпели қабыллаўлар шөлкемлестирилмекте.

7-сентябр күни көшпели қабыллаў Хожели районында  районында болып өтти. Илажда Нөкис қаласы, Хожели, Нөкис, Тақыятас районларының пуқаралары қабыл етилди.

Усы күни шөлкемлестирилген көшпели қабыллаўда Нөкис қаласынан 70 тен аслам, Нөкис районынан 26, Хожели районынан 58, Тақыятас районынан 9 пуқара қабыл етилди. Келип түскен мүрәжатлардан бир қатары сол жердиң өзинде қанаатландырылды. Мәселен, Нөкис қаласы 21-киши районда жасаўшы Сәтбай Сейтмуратов қурылыс жумысларында ислеп, тийисли ис ҳақысын ала алмай жүргенлиги туўралы мүрәжат етти. Нәтийжеде оған тийисли болған 4,5 миллион сум ис ҳақысы өндирип берилди. Тақыятастан Емендик Пирмедова районлық электр тармақлары кәрханасында жумыс орны қысқарыўы нәтийжесинде босап қалған. Қабыллаўға мүрәжат еткен оның мүрәжаты көрип шығылып, кәрхананың басқа бөлимине жумысқа орналастырылатуғын болды. Сондай-ақ, Хожели районы  «Водник» посёлкасында жасаўшы Гүлхан Қурбаниязованың 12 жасар қызын емлетиў, Нөкис районы  Ақманғыт поселкасында жасаўшы  Шәригүл Қәлимбетованың 2015-жылы туўылған баласын Наманган ўәлдаятындағы психофизикалық раўажланыўы бузылған арнаўлы балалар үйине жайластырыў ҳаққындағы мүрәжатлары да унамлы шешимин тапты. Қалғанлары тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылмақта.

Усындай көшпели қабыллаў Елликқала районында да болып өтти. Онда Елликқала, Төрткүл, Беруний районларынан 95 пуқараның мүрәжаты көрип шығылды. Усы күни «Ақшакөл» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы, екинши топар майыбы Айымжан Аязоваға 3 ханалы турақ-жай берилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.