Жақында Әмиўдәрья районы Тас-жап аўылы аймағында 2 қабатлы, ҳәр бири 16 квартирадан ибарат 2 турақ жайдың қурылысы ғәрезсизлигимиздиң 26 жыллық байрамы қарсаңында қурып питкерилди ҳәм усы турақ жайлардан 4 квартира районда жасайтуғын имканияты шекленген жерлеслеримизге салтанатлы рәўиште тапсырылды.

Нәгиран ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Президентимиздиң тапсырмасына тийкар жумыс ислеў имканияты болған ҳаял-қызларға “Пахтасанаат” бирлеспеси аймақлық бөлимлери тәрепинен заманагөй тигиў машиналары берилди. Енди тигиў машиналары ийелери “Пахтасанаат” бирлеспеси аймақлық филиаллары менен дүзилген шәртнама тийкарында пахта териў ушын фартуклер, қолғаплар, туқым салынатуғын қалташа, арнаўлы жумыс кийимлери ҳәм тараўда зәрүр болған басқа да өнимлерди жеткерип береди. Олардың ис ҳақысы алдыннан төлеп бериледи. Он мыңнан артық фартук тиккен тигиншилерге арзан жайлардан сатып алыўы ушын жететуғын алдыннан төлейтуғын пулы – 10 миллион сум пластик карточкаларына өткерип бериледи. Сондай-ақ, өним таярлаў ушын зәрүр болған гезлеме ҳәм жип пахта тазалаў кәрханалары тәрепинен жеткерип бериледи. Бул имканият нәгиранлар ушын дәрамат дәреклерин қәлиплестириў ҳәм пайдалы жумыс пенен бәнт болып, социал турмыста өз орнын табыўларында айрықша әҳмийетке ийе.

Жаңа имаратқа ийе болған үй ийелери бундай ғамқорлық ҳәм итибардан шексиз миннетдар.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Сүўретте: жаңа имаратқа ийе болған үй ийелери

amunews.uz фотоларынан пайдаланылды