«Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллығы мүнәсибети менен илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, әдебият, мәденият, көркем өнер, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық және социаллық тараў хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы Президент пәрманына муўапық, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының режиссёрлық ҳәм актёрлық өнери кафедрасының доценти Сәрсенбай Балтаниязов, Қарақалпақстан Республикасы эндокринологиялық диспансериниң бас шыпакери Сәлийма Назарова ҳәм Мойнақ районы мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайының директоры Гүлбәҳәр Тоқсанбаева «Дослық» ордени менен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.