Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы тәрепинен тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм ҳәр қыйлы нызам бузыўшылықлардың алдын алыў бағдарында бир қатар илажлар өткерилмекте. Биз Федерацияның Баспасөз ҳәм мәлимлеме секторы мағлыўматлары тийкарында Нөкис районында өткерилген илажлардан таярланған қысқаша хабарларды дыққатыңызға усынамыз.

 

ҚАРЫЗДАРЛЫҚ БОЙЫНША «ДӘЛАЛАТНАМА» ӨЗ ИЙЕСИН ТАПТЫ 

 Нөкис районы, Ақмаңғыт МПЖ Тоқтаў көшесинде жасаўшы Тазахан Төлегенова Нөкис районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүражат етип, тәбийғый газ төлемлерин өз ўақтында әмелге асырыўына қарамастан үй ийесине районлық газ тәмийнаты кәрханасы қосымша қарыздарлығы туўралы баянлама дүзгенлигин көрсетеди. Онда көрсетилиўинше, бул пуқара кәрханадан 32000 сум қарыздар екен. Бул мүражат тийисли тәртипте көрип шығылып, районлық газ қадағалаўшысы «Ж.Б» тәрепинен қәтеликке жол қойылғанлығы, яғный Тазахан Төлегеноваға жазылған қарыздарлық усы районда жасаўшы пуқара А.Халмуратовтики екенлиги анықланды.

Солай етип, Тазахан Төлегенова ушын жазылған қарыздарлық бийкар етилди.

***

 

ПОЧТА ХЫЗМЕТКЕРИ ЖУМЫСЫНА ЖУЎАПКЕРСИЗЛИК ПЕНЕН ҚАРАҒАНЫ УШЫН ҚАРЫЗДЫ ӨЗИНИҢ ҚАЛТАСЫНАН ТӨЛЕДИ

Нөкис районының Тоқтаў АПЖ Тоқтаў көшеси 17-жайда жасаўшы пуқара Аллияр Жиенбаев районлық электр тәмийнаты кәрханасы хызметкерлериниң жумысларынан наразы болып районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүражат еткен.

Ол электр энергиясы ушын төлеўлерди бәрқулла өз ўақтында төлеп келген болса да, 2016-жылдың декабрь айында электр тәмийнаты кәрханасының хызметкерлери келип, қарызы барлығын айтып баянлама дүзип кеткенин айтады. Баянламада А.Жиенбаевтың электр тәмийнаты кәрханасына 74887,50 сум қарыздарлығы көрсетилген.

Мүрәжат бойынша районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылғанда, бул пуқараның қарызы жоқ екенлиги, төлемлерди өз ўақтында әмелге асырып келгенлиги, почта хызметкерлериниң жуўапкерсизлиги себепли төлемлер өз ўақтында тутыныўшының есабына келип түспегенлиги анықланған.

Сол себепли усы қарыз почта хызметкериниң есабынан өндирип берилди.

 

***

«ТЕКСЕРЕМЕН» ДЕГЕН ҚАДАҒАЛАЎШЫ ЖӘРИЙМА ТӨЛЕДИ

Нөкис районы, «Бахытлы» елаты, Жипек жолы көшесинде жасаўшы Қыдырбай Қалменов арза менен мүражат етип, онда Нөкис районлық Газ тәмийнаты кәрханасының қадағалаўшысы «Ж.Б» Қ.Қалменовтың үйине барғанлығын ҳәм газ есаплағышының пломбасын тексериў ўақтында оны үзип алғанлығын, соң қадағалаўшы тутыныўшының қарызы жоқ болыўына қарамастан газ пломбасының үзилгенлиги ҳәм ҳәр бир ай ушын норматив, деп 223759 сумлық қарыздарлығы бойынша баянлама дүзгенлигин көрсеткен.

Мүрәжат бойынша үйрениў жумыслары алып барылғанында пуқараның баянламада көрсетилгениндей, қарызы жоқ екени анықланған. Сондай-ақ, газ есаплағыштың пломбасы қадағалаўшының айыбы менен үзилгенлиги себепли усы қарыз хызметкердиң айлық ис ҳақысынан өндирилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы