Ўзаро ҳамкорликнинг янги истиқболлари

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғызстан Республикасы Президенти Алмазбек Атамбоевтың мирәт етиўине бола 5-6-сентябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен усы елде болды.

Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғызстан Президенти Алмазбек Атамбоевтың Ала-Арча резиденциясында 5-сентябрь күни болып өткен ушырасыўында еллеримиз арасында барлық салалардағы байланысларды кеңейтиў, перспективада әмелге асырылатуғын бирге ислесиўге байланыслы мәселелер додаланды.

Сөйлесиўде «Өзбекистан – Қырғызстан – Қытай» темир жолы магистралы жойбарының қысқа мүддетлерде әмелге асырылыўынан тәреплердиң мәпдар екени атап өтилди. Бул регионда ишки товар айланысының өсиўин ҳәм Орайлық Азияның «Шығыс – Батыс» жөнелиси бойынша пайдалы транзит буўыны сыпатындағы тартымлығын арттыратуғыны атап өтилди.

Регионлар менен мәмлекетлер арасындағы өз-ара пайдалы байланысларды сезилерли дәрежеде кеңейтиўге имканият беретуғын және олардың экономикалық раўажланыўына қосымша пәт бағышлайтуғын «Өзбекистан – Қырғызстан – Қытай» жаңа автомобиль жолын қәлиплестириў зәрүрлиги атап өтилди.

2017-жылдың өткен дәўиринде еки мәмлекет арасындағы өз-ара товар алмасыўдың көлеми 60 процентке өсип, 150 миллион долларды қурады. Сөйлесиўлерде бул көрсеткишти жақын жылларда 500 миллион долларға жеткериў имканиятының бар екени атап өтилди.

Сапар етиўдиң жуўмақлары бойынша Президентлер Өзбекистан Республикасы менен Қырғызстан Республикасының арасында  Биргеликтеги билдириўге ҳәм Өзбекистан – Қырғызстан мәмлекетлик шегарасы ҳаққындағы шәртнамаға қол қойды.

Әзелден бирге, аўызбиршиликли жасап киятырған өзбек ҳәм қырғыз халықларының арзыў-нийетлерин әмелге асырыў, олардың жақын туўысқанлық тийкарындағы өз-ара байланысларын буннан былай да раўажландырыў жолында зәрүр болатуғын барлық шараятты жаратыў ушын бар имканиятымыз бенен потенциалымызды иске қосамыз, деди мәмлекетимиз басшысы.

Әндижан ҳәм Ош қалалары арасындағы қол қойылған саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық салаларда бирге ислесиў ҳаққындағы келисим өзиниң актуаллығы  менен  тарийхы әҳмийетке ийе болды.

Еки мәмлекеттиң Саўда-санаат палаталары арасында бирге ислесиў ҳаққындағы келисим сала ўәкиллериниң өз-ара тәжирийбе алмасыўы ушын әҳмийетли қәдем болды. Сапар етиў шеңберинде бир топар исбилермен жерлеслеримиз Бишкек қаласында болып өткен бизнес-форумда қатнасты. Олар Қырғызстанда бизнес ўәкиллерине жаратылған шараятлар менен танысыў процесинде өзлерине исенимли шериклер де тапты.

Еки мәмлекет исбилерменлери ҳеш қандай тосқынлықларсыз турақлы пикирлесиўи керек. Олардың нәтийжели бирге ислесиўи ушын барлық имканиятларды жаратып беремиз. Бул бағдарда қойылған қәдемлер, әлбетте, өз нәтийжелерин береди, деди Шавкат Мирзиёев.

Өз гезегинде, Алмазбек Атамбоев Өзбекистан Президентиниң мәмлекетлик сапары еки мәмлекеттиң дослық қатнасықларында жаңа перспективалар ашқан тарийхый ўақыя болып, көплеген тийкарғы мәселелерди шешиўде үлкен әҳмийетке ийе болғанын, туўысқан халықларымыздың қатнасында жаңа дәўирди, жаңа басқышты баслап бергенин айрықша атап өтти.

Парламентлераралық бирге ислесиў ҳаққындағы қол қойылған меморандум сапар етиўдиң екинши күнинде әмелий ҳәрекетлер менен беккемленди.

Мәмлекетимиз басшысы өзи ушын ажыратылған резиденцияда Қырғызстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы Чинибай Турсунбековты қабыл етти.

Көп әсирлер даўамында қәлиплескен дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын жоқары қәдирлеймиз. Өзбекистан менен Қырғызстан арасындағы өз-ара ҳүрмет пенен исенимге тийкарланып қурылған бирге ислесиўди раўажландырыў сыртқы сиясатымыздың әҳмийетли бағдарларынан бири болып табылады, деди Шавкат Мирзиёев.

Бүгинги күнде Өзбекистан – Қырғызстан қатанасықлары барлық салаларда жаңа басқышқа көтерилмекте.  Президентимиздиң сапар етиўи даўамында қол қойылған Өзбекистан менен Қырғызстан арасындағы мәмлекетлик шегаралар ҳаққындағы шәртнама әне, усы бирге ислесиўдиң айқын үлгиси болып табылады. Келешекте еки мәмлекет парламентлери арасында бул тарийхый ҳүжжетти ратификациялаў ҳәм ҳуқықый жақтан беккемлеў ўазыйпасы тур.

Парламентлераралық дослық қатнасықларды беккемлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанында айрықшы парламентлик топар дүзилди.

Мәмлекетимиз басшысы Қырғызстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығын Өзбекистанда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм жаңаланыўлар менен танысыў, бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, өз-ар тәжирийбе алмасыў ушын Өзбекистанға мирәт етти.

Буннан тысқары, қол қойылған әҳмийетли ҳүжжетлер еки мәмлекеттиң саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да салаларда әзелий дослыққа ҳәм аўызбиршиликке тийкарланып қурылған байланыслардың логикалық даўамы болды.

Буннан соң Президентимиз Шавкат Мирзиёев Қырғызстан Республикасы Бас министри Сапар Исаковты қабыл етти ҳәм оны усы жуўапкершиликли лаўазымға тайынланғаны менен қутлықлады.

Бул жуўапкершиликли лаўазымда Сизге әўмет тилеп мәмлекетлеримиз арасында ерисилген келисимлердиң орынланыўын әмелиятқа нәтийжели енгизиўде бар күш-ғайратыңызды аямайсыз, деп исенемиз, деди Президентимиз.

Сапар Исаков Шавкат Мирзиёевтың Қырғызстанға мәмлекетлик сапары мәмлекетлеримиздиң өз-ара пайдалы бирге ислесиўинде жаңа басқышты баслап бергенин айрықша атап өтти.

Ушырасыўда мәмлекетлик сапардың жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлер, қол қойылған ҳүжжетлер еки халық арасындағы әзелий дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларды ҳәр тәреплеме беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.

Ушырасыў шеңберинде Өзбекистан Республикасы Ҳүкимети менен Қырғызстан Республикасы Ҳүкимети арасында Өзбекистан Республикасының шегараалды ўәлаятлары ҳәкимлери ҳәм Қырғызстан Республикасы ҳүкиметиниң шегараалды ўәлаятларындағы ўәкилликли ўәкиллери Кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы түсинисиў меморандумына қол қойды.

Сапар етиўдиң жуўмағында Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғызстан Республикасы Президенти Алмазбек Атамбоевқа шын жүректен қабыл еткени ҳәм миймандослық ушын миннетдаршылық билдирип, оны мәмлекетлик сапар менен Өзбекистанға мирәт етти.

Мәмлекетимиз басшысының Қырғызстан Республикасына мәмлекетлик сапары жуўмақланды. Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёевты «Манас» халықаралық аэропортында Қырғызстан Президенти Алмазбек Атамбоев шығарып салды.

Абу Бакир ЎРОЗОВ,

ӨзА ның арнаўлы хабаршысы.

Ташкент-Бишкек-Ташкент