24-август күни Қанлыкөл районында Халық билимлендириў мекемелери хызметкерлериниң дәстүрий август кеңеси мәжилиси болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.

«Мәмлекетлик билимлендириў стандартлары» талаплары тийкарында жаңа оқыў бағдарламаларының енгизилиўи, педагогикалық технологиялардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша 2017-жыл 16-август күни пән секцияларында жумыс алып барыўшы 32 педагог-тренерлер Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен таярланып, дәстүрий август кеңеси мәжилисинде райондағы 27 секциядағы жумысларда жәми 1144 педагог хызметкерлер қатнасты ҳәм 2017-2018-оқыў жылында ерисилген жетискенликлер, орын алған кемшиликлер көрип шығылды ҳәм 2018-2019-оқыў жылында билим бериў сапасын арттырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

2017-2018-оқыў жылында районлық халық билимлендириў мәкемелери хызметин методикалық тәмийинлеў ҳәм шөлкемлестириў бөлимине қараслы 23 улыўма билим бериў мектеплеринде 7372 оқыўшыға 1005 муғаллим тәлим-тәрбия берди, өткен оқыў жылында район көлеминде жәми 15 оқытыўшының, Қарақалпақстан Республикасы көлеминде 13 оқытыўшының  сабақ исленбеси ен жайдырылды.

Усы жылы Қанлыкөл районынан жәми 157 оқыўшы жоқары оқыў орынларының студенти болыў бахтына миясар болды.

Қанлыкөл районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы билимлендириў мәкемелеринен 2017-2018-оқыў жылында ерискен  жетискенликлери ҳәм мийнет жолындағы пидайы жемислери баҳаланып, бир қатар пән муғаллимлерине район ҳәкиминиң «Ҳүрмет жарлық»лары тапсырылды.

Сондай-ақ, район аймағындағы жоқары оқыў орнына кирген абитуриентлердиң ата-аналарына «Қутлықлаў» ҳәм естелик саўғалары инәм етилди.

2018-жыл жоқары оқыў орынларын питкерген 36 питкериўши өз қәнигеликлери бойынша улыўма билим бериў мектеплерине жоллама алды.

Мәжилис районлық мәденият хызметкерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги