Қанлыкөл районында 26-август күни Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрам салтанаты болып өтти, деп хабар бермекте район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты.

Театрластырылған байрам салтанаты район ҳәкими М.Қосназаровтың  аймақ халқына байрам қутлықлаўы менен басланды.

Байрам салтанатында «Great wall development» жуўапкершилиги шекленген жәмийети директоры Лю Донг Мин ҳәм  «Kanteks invest» жип ийириў ҳәм қайта ислеў кәрханасының бас технологы Санжив Механлар мийманда болып, район халқын байрам менен қутлықлады.

«Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным» атлы байрам салтанаты республикамыз ҳәм районлық мәденият, көркем өнер тараўы хызметкерлери тәрепинен таярланған байрам тамашалары менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги