Мәҳәллелерде футбол майданларын шөлкемлестириў ушын жер участкаларын бийпул тийкарда ажыратыў тәртиби белгиленди.

Пуқаралар жыйынларында спорттың футбол түрин буннан былай да раўажланыдырыў ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықларының орынбасарлары-жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшилерди материаллық хошаметлеў илажлары ҳаққындағы Ҳүкимет қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар бермекте.

Келешекте, жеке меншик шериктиң мүлки негизинде шөлкемлестирилген футбол жағдайын жақсылаўға көмеклесиў тийкарында ҳәр бир мәҳәлледе футбол майданлары шөлкемлестириледи.

Қарарға муўапық, «Ҳәр бир мәҳәлледе футбол майданы» бағдарламасы және мәҳәллелерде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында заманагөй футбол майданларын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы реже тасыйықланды.

Усы реже менен мәҳәллелерде футбол майданларын шөлкемлестириў ушын жер участкаларын бийпул тийкарда ажыратыў тәртиби де белгиленди.

ӨзА