Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар нызам үстинлигин, суд-ҳуқық системасының реформаланыўын, экономиканы раўажландырыўды ҳәм либералластырыўды тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылыўын талап етпекте.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының 27-август күни болып өткен гезектеги мәжилисинде де усы бағдардағы реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар әҳмийетли нызам жойбарлары көрип шығылды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Олий суды тәрепинен Нызамшылық палатасына киргизилген «Жәбирлениўшилер, гүўалар ҳәм жынаят процесиниң басқа да қатнасыўшыларын қорғаў ҳаққында»ғы нызам жойбары депутатлардың қызғын додалаўларына себеп болды.

Усы нызам жойбары жынаят процесиниң қатнасыўшылары болған жәбирлениўшилер, гүўалар ҳәм тағы басқа қатнасыўшыларды қорғаў тараўындағы қатнасықларды толық тәртипке салыўды нәзерде тутады.

Нызам жойбарында жәбирлениўшилер, гүўалар ҳәм жынаят процесиниң басқа да қатнасыўшыларын қорғаў принциплери белгилеп берилмекте. Сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен қорғалатуғын шахслар ҳәм жынаят процесиниң басқа да қатнасыўшыларын қорғаўды тәмийинлейтуғын мәмлекетлик уйымлардың дизими, қәўипсизлик илажларының түрлери ҳәм оларды қолланыўдың тийкарлары, қәўипсизлик илажларын бийкар етиў тәртиби, қорғалыўшы шахслар ҳәм мәмлекет тәрепинен қорғаныўды тәмийинлейтуғын уйымлардың ҳуқықлары менен миннетлемелери көрсетип өтилмекте.

Депутатлардың пикиринше, нызам жойбарының қабыл етилиўи жынаят процесси қатнасыўшыларының нызамшылыққа исенимин буннан былай да арттырып, олардың қәўипсизлигин кепиллеў, әдил судлаўға ерисиў ҳәм жәмийетте жынаятқа жаза сөзсиз принципиниң беккем енгизилиўине хызмет етеди.

Мәжилисте, сондай-ақ, депутатлар тәрепинен жаңа басылымдағы «Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда додаланды. Депуталардың атап өткениндей, бүгинги күнде Өзбекстанның халықаралық қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилип, сыртқы сиясат бағдарында раўажланған мәмлекетлер ҳәм бәринен бурын, қоңсы еллер, қалаберди, халықаралық шөлкемлер менен дослық, өз-ара пайдалы шерикликти ҳәр тәреплеме раўажланыдырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Соның ишинде, соңғы бир ярым жыл ишинде сыртқы сиясат ҳәм халықаралық бирге ислесиўге байланыслы көплеген ҳүжжетлер қабыл етилип, шәртнамаларға қол қойылды.

Ҳәзирги ўақытта экономикалық, инвестициялық, социаллық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда Өзбекстан менен байланысларды кеңейтиўге сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлер үлкен қызығыўшылық билдирмекте. Бул болса, өз гезегинде, бар ҳуқықый ҳүжжетлерди бүгинги тез раўажланып атырған заман талапларына бейимлестириў, елимиздиң ҳәзирги раўажланыў стратегиясына үйлесимли тәризде жетилистирип барыўды талап етпекте.

Депутатлар  усы нызам жойбарының қабыл етилиўин сыртқы сиясий жумыстың тийкарғы қуралларынан бири болған халықаралық бирге ислесиўдиң шәртнамалық-ҳуқықый базасын қәлиплестириўге ҳәм жетилистириўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтти. Бул  елимиз ушын перспективалы, әмелий әҳмийетке ийе еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме шәртнамларды дүзиўге, өз гезегинде Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигиниң тең ҳуқықлы ағзасы сыпатындағы абырайын буннан былай да арттырыўға жәрдем береди.

Қызғын пикирлесиўлерден соң нызам жойбарлары биринши оқыўда қабыл етилди ҳәм жуўаплы комитетлерге додалаўлар даўамында билдирилген пикир-усынысларды инабатқа алған ҳалда, оларды екинши оқыўға таярлаў ўазыйпасы жүкленди.

Буннан соң депутатлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының «Наўайы ўәлаятының Кенимех районы ҳәм Бухара ўәлаятының Ғиждувон районының шегараларын өзгертиў ҳаққында»ғы қарарының жойбарын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, усы қарар жойбарының қабыл етилиўи Наўайы ўәлаяты Кенимех районының санаат ҳәм аўыл хожалығы бағдарындағы үлесин арттырыўға, сондай-ақ, Бухара ўәлаяты Ғиждувон районы Зафарабат қалашасының ҳәкимшилик аймағында жасайтуғын халыққа қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм районның социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўға хызмет етеди.

Сондай-ақ, мәжилисте парламенттиң Нызамшылық палатасының ўәкиллигине  тийисли басқа да мәселелер көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети