27-август күни Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги Ташкент қаласында «Дәслепки қәдем» оқыў бағдарламасының презентациясын өткерди, деп хабар бермекте Podrobno.uz сайтына тийкарланып Daryo.uz сайты.

Бул оқыў бағдарламасы ең жақсы халықаралық әмелият ҳәм Қубла Корея тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылған.

«Дәслепки қәдем» оқыў бағдарламасының тийкарғы мақсети өмири даўамында үзликсиз раўажланыўға уқыплы болған шахсты қәлиплестириў есапланады.

Бул заманагөй педагогикалық системаның тийкарғы өзине тәнлиги балаларда оқыўға қызығыўшылық оятыў есапланады. Бул болса балаларды билимлендириў процесине қызықтырыўға айрықша итибар бериў керек дегени болады, – дейди мектепке шекемги билимлендириў министриниң орынбасары Собитхон Турғунов.

Системадағы және бир қызықлы жаңалықлардың бири бул баланың раўажланыў картасының енгизилиўи болады. Ол өзинде баланың 3 жастан 7 жасқа шекемги болған дәўирин қамтып алады. Карта бир жылда үш мәрте толтырылады. Бала мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин питкергеннен соң, яғный 6-7 жасында баланың мектепке таярлығы бойынша картасы да толтырылады.

 

Бул процесс мәмлекеттиң жаңа талапларына тийкарланады. Бул бала раўажланыўының бес тийкарғы бағдарын қамтып алады:

 

– Физикалық жақтан раўажланыў ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириў;

– Социаллық-эмоционаллық жақтан раўажланыў;

– Сөйлеў, сәўбетлесиў, оқыў ҳәм жазыўдағы табыслары;

– Билим алыў процесиниң раўажланыўы;

– Дөретиўшилик жақтан раўажланыў.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги