Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 26-августта «Өзбекстан Республикасында мәденият ҳәм көркем өнер тараўын инновациялық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, музейлерде реновация бағдарламасы эксперимент сыпатында әмелге асырылады.

Бағдарлама төмендегилерди нәзерде тутады:

  • өзин-өзи тәмийинлеў принципине тийкарланған музейлерди қаржыландырыў моделин енгизиў;
  • «smart»–технологияларды (мәлимлеме дүканшалары, 3D визуализация ҳәм голограмма, 14-кодлар, шет тиллериндеги электрон гидлер ҳәм басқаларды) енгизиў;
  • Интернет тармағынан пайдаланған ҳалда музей экспонатларының санлы түрлерин жаратыў арқалы музей экспонатларын көриў имканиятын беретуғын инфраструктураны жаратыў;
  • музейлердиң социаллық мәканға толық интеграцияласыўын тәмийинлеў;
  • музейлерде имканияты шекленген адамлар, үлкен жастағы келиўшилер, мектепке шекемги жастағы балалар ҳәм оларға жолдаслық етип атырған шахсларға хызмет көрсетиў ҳәм қолайлылық жаратыўдың инклюзив усылларынан кеңнен пайдаланыў;
  • музейлерде академиялық изертлеўлерди раўажландырыў.

Реновация бағдарламасы Өзбекстан әмелий көркем өнер музейинде (Ташкент қаласы), И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейинде (Нөкис қаласы) ҳәм Айбектиң үй-музейинде (Ташкент қаласы) әмелге асырылады.

ӨзА