Нөкис қаласының ең пайызлы орынларының биринде, яғный, ҳәммеге белгили И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң алдында Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң идеялары тийкарында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының байрақларын орнатыўға бағышланған илаж болып өтти.

Оған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, шайыр ҳәм жазыўшылар, илимпазлар, Нөкис қаласындағы миллий ҳәм мәдений орайлардың ағзалары, нураныйлар, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары, спортшылар, жаслар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ашты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан жыйналғанларды мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы менен қызғын қутлықлады.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен усы пайызлы, сулыў ҳәм гөззал жердиң таңланып, оның идеялары тийкарында усы флагштоктың қурылғанын, мәмлекетимиз байрақларының халқымыз өмири ҳәм елимиздиң раўажланыўында тутатуғын орнын, әҳмийетин, сондай-ақ соңғы қысқа ўақыт ишинде көз алдымызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўларды айтықша атап өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы С.Сайид, «Нураний» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдинов, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Ш.Базарбаева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде ғәрезсизлик жылларында ерисилген табысларды, мәмлекетимиз байрақларының халқымыздың мақтанышы екенлигин атап өтти.

Атап өтилгениндей, ҳәр бир халық ушын мәмлекетлик нышанлар муқаддес ҳәм уллы саналады. Себеби, ол халықтың өтмишин, бүгинги күнин ҳәм келешегин өзинде жәмлеген Ўатанның жарқын тымсалы болып табылады.

Сондай-ақ, елимиз байрағы ғәрезсизлигимизди, инсанларды ҳәмийше кәмилликке ҳәм бахытқа жетелейтуғын күшке ийе болыўы менен бирге, ол тынышлық, пәклик, ҳадаллық, садықлық, турақлылық, раўажланыў, халқымыздың мақтанышы ҳәм келешекке болған исениминиң айқын сәўлелелениўи болып есапланады.

Буннан соң Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлап, байрақлар жоқары көтерилди.

Ҳақыйқатында да, 55 метр бәлентликте желбиреп турған, ҳәр бириниң ени 8 метр, узынлығы 15 метр болған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының байрақлары алыслардан көзге тасланып, кеўиллерде миллий мақтаныш сезимин оятады.

Илажда республикамызға белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).