2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында шеңберинде ҳәм Президентимиздиң 2017-жыл 23-май күнги  «Ишки ислер уйымлары өрт қәўипсизлиги бөлимлериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2992—санлы қарарына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Жаслар аўқамы орайлық кеңеси тәрепинен өрт қәўипсизлиги хызметиниң жас хызметкерлери арасында «Ең ағла жас хызметкер» таңлаўы шөлкемлестирилди. Бунда хызметкерлердиң ҳуқықый билимлерин ҳәм саўатлылығын буннан былай да арттырыўға ҳәм билимлерин әмелде қолланыўға айрықша итибар қаратылған.

Усы таңлаўға Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасы Хызмет ҳәм кәсиплик таярлықты шөлкемлестириў бөлиминиң инженери аға лейтенант  Султанбек Таңирбергенов қатнасып келди.

Таңлаўда 30 жасқа шекемги хызметкерлер өзлериниң билимлерин ҳәм инновациялық идеяларын сыннан өткерди.

Султанбек өзиниң пуқараларды өрт қәўипсин ескертип туратуғын қурылмасы менен қатнасты. Бул әсбап ҳәрекет болған ўақытта иске түсип, пуқараларға ескертиў береди.

Таңлаў нәтийжелерине бола «Ең жақсы инновациялық идея» номинациясы бойынша Султанбек биринши орынға ылайық болды.

Жеңимпазлар диплом менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги