5-сентябрь күни Шымбай районы «Конши» МПЖ аймағында 2-топар нәгираны Гүлчехра Фазылбековаға 3 ханалы арзанластырылған турақ жай салтанатлы түрде тапсырылды.

Бул жайды райондағы «Шымбай тамирлаш» ЖШЖниң қолы гүл қурылысшылары қурып питкерди.

Сондай-ақ, «Өзпахтасанаат» акционерлик жәмийети «Пахтасанаат» аймақлық филиалына қараслы пахта тазалаў кәрханасы менен дүзилген шәртнамаға тийкар Г.Фазылбековаға 1 дана тигиў машинасы менен биргеликте керекли материаллар жеткерип берилди. Ол тигиў машинасы менен бир күнде 250 ден артык фартук тигиледи.

Сүўретте: Салтанатлы илаждан көринислер

Қарақалпақстан хабар агентлиги