Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл  8-августтағы 649-ф-санлы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2018-жыл 11-август күнги 252-б-санлы бийликлерине муўапық, август айы елимиздиң барлық аймақларында абаданластырыў ҳәм тазалық айлығы, деп жәрияланып, 1819-август күнлери елимиз бойлап улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги шөлкемлескенлик пенен өткерилди.

Оған республикамыз бойынша жәми 1 миллион 379 мыңнан аслам адам қатнасып, олардың 740 мыңға шамаласын жаслар қурады.

Жәми 2231 гектар жер майданы абаданластырылып, 2463 тонна турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары шығарып тасланды, 1377 километрлик жап-салмалар тазаланды, 281 қойымшылық ҳәм 42 зыярат етиў орны абаданластырылды. 856 мың 420 теректиң путақлары алынып, ҳәкленди. Бул жумысларға жәми 851 техника қатнасты.

Бийликке муўапық, улыўмахалықлық шембилик мүнәсибети менен министрликлер, мәкемелер ҳәм басқа да шөлкемлерде мийнет етип атырған хызметкерлердиң бир күнлик мийнет ҳақысы муғдарындағы қаржылар олардың өз басламаларына бола «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қорының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң, районлық ҳәм Нөкис қалалық бөлимлериниң банктеги есап бетлерине өткериледи.

Сондай-ақ, шембилик даўамында халықтың социаллық жақтан қорғаўға мүтәж қатламларына бийминнет жәрдем көрсетиў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылды. Жәми 694 хожалықтың турақ жайы оңланып, бул жумыслар ушын 35 миллион сумнан аслам қаржы жумсалды. 1467 кем тәмийинленген шаңараққа ҳәм майыплығы бар шахслар менен жалғыз баслы кекселерге жәми 56 миллион сумнан аслам материаллық жәрдем көрсетилди.

– Шембиликти өткериўден тийкарғы мақсет – елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллық ҳәм Қурбан ҳайыты байрамларын мүнәсип белгилеўге таярлық көриў, елимизде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумысларға халықтың жуўапкершилик сезимин қәлиплестириў, халқымыз арасында миллий қәдириятларға тән болған өз-ара мийрим-шәпәәт сыяқлы жақсы пазыйлетлерди жоқарылатыў, жасларымызды жоқары инсаныйлық сезимлер руўхында пидайы етип тәрбиялаў, мәҳәллелер, халықтың жасаў орынларын абаданластырыў ҳәм барлық аймақларда санитариялық жағдайды жақсылаў болып есапланады,-дейди Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Мәлимлеме-таллаў бөлиминиң қәнигеси М.Палымбетов.

Бул илажларда мәҳәллелердеги пуқаралар, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жумысшы хызметкерлери, жаслар шөлкемлескенлик пенен қатнасып, аўызбиршиликтиң жоқары үлгисин көрсетти.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).