Усы жылдың 17-август күни атақлы өзбек шайырасы Ҳалима Худойбердиеваның биймезгил арамыздан кетиўи пүткил халқымызды, әдебият сүйер қәўимди ләрзеге салды.

Ҳалима апа қарақалпақ ели, оның тамыры терең тарийхына, әдебиятына, мәденияты менен көркем өнерине оғада ықласлы болып, ҳүрмети бәлент еди. Шайыра көплеген қарақалпақ дөретиўши ҳаял-қызларына айрықша меҳир көрсетип, олар менен мушайралар өткериўди, шын кеўилден сәўбет қурыўды жанындай жақсы көретуғын еди. Шайыр дүнья әдебиятының атақлы сөз зергерлери менен бир қатарда Халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым аға Юсуповтың қосықларын өзбек тилине шеберлик пенен аўдарды. Ибрайым ағаның «…Из қалдырып шайыр өтер, Сөз маржанын дизе-дизе» дегениндей, Ҳалима апа бай поэтикалық мийраслары менен өзинен нурлы из қалдырып кетти.

 

Жатқан жерлериңиз жәннеттен болсын, Ҳалима апа!

 

 

Ҳалима Худайбердиева

 

ҚУРАН ТӘРЕПКЕ БАРАРМАН…

 

Бүгин барман, ертең жоқ,

Бүгин есит сөзимди.

Бүгин жермен, ертең көк

Табалмассаң өзимди.

Көзлериме бүгин қара,

Егер бирден өшпесем.

Кеўлимдеги түйин қара,

Шешилмес сен шешпесең.

Шешиў жолын бүгин тап,

Ертең я сен, я мен жоқ,

Ортамызда мыңлап китап,

Неге Қуран, Ясийн жоқ,

Кеттим. Кеттим суўдай аға,

Ҳақ деп, я Рәб барарман.

Баратырман Ясийн жаққа,

Қуран тәрепке барарман.

 

ӨЛГЕН ШАЙЫР УШЫН ЖЫЛАҢ…

 

Өлген шайыр ушын жылаң,

Қалған шайыр ушын жылаң.

Жети жаттың ғам шарабын,

Ишкен шайыр ушын жылаң.

 

Дүнья менен жоқдур иси,

Суўдур иси, отдур иси.

Бул дүньяның ғам ыдысы

Болған шайыр ушын жылаң.

 

БИР ҚОСЫҚ КЕРЕК…

 

Бир қосық керек, түсирип хатқа,

Турайын мен өмир сорамай,

Сол қосықтан алысқан отта,

Өле алайын артқа қарамай!

 

ШАЙЫР АТЫ

Абдулла Ариповқа

Дунья иси – биреў ийман, инсабым деп жылайды,

Биреў жаслар төгип  атақ, мәнсабым деп жылайды,

Биреў халқым аў жүзлери запыраным деп жылайды,

Мен нәресте гөдеклерди «палўаным»-деп жылайман,

Ғамларымды  жасыра алмай төккен жаслар ағажан.

 

Есимде бар ҳүжимлерде көкирегиңди тутқаның,

Ашық майдан. Жала-дөҳметлерге  таслар атқаның,

Ҳәр мүйеш ҳәр тесиктен таслар қайтты өзине,

Алқымыңа дейин ғыйбат тасларына батқаның,

Елеберин аўыртады тийген таслар ағажан.

 

Сол ўақытта билмегенлер, бәлки енди билгендур,

Надиралар дарда емес, көкирегиңде өлгендур,

Бул сырлардан бәлки Машреп, саған дәрек бергендур,

Шын шайыр я тахтта яки жарда жасар, ағажан,

Басы дарға ийилгендур, дарда жасар ағажан.

 

Қәдирийдиң қанларын ишип әбден тойыпты,

Еле билмем. Усманды атыпты, я сойыпты,

Нәсимийдиң терисин сылып, көзгенесин ойыпты,

Енди билдим не ушын көзиң күлмес, ағажан,

Көзлериңде «халқым» деген сезим күлмес, ағажан.

 

Ойлап едим, даўыл өтти, даўыл толық өтпепти,

Ата түрк улларына бул налалар жетпепти,

Еле «аламан» бул халықта, халық сезими питпепти,

Өзген. Сайда ағып кеткен гөдек Бабур, Маҳымыз,

Енди өлгенимше сорар «Не еди гүнаҳымыз».

 

Сондай. Түрли ләрзелерде тирилмекте тамырлар,

Өтмишке де, руўҳ ишине кирмекте бир пәк нурлар,

Ата Туран кеңлигине бас көтерер батырлар,

Жалғыз сынбас сақтым Сенсең. Алтын ағам сен мениң,

Қәдирий орнын басқан, Абдулла ағам сен мениң.

 

Сондай енди. Гүреслерде белди беккем байлармыз,

Тил табысып, бөлек-бөлек елди беккем байлармыз,

Тоған болып елге кирер селди беккем байлармыз,

Тиклеймиз халықты!

Гүреслерде аман болсын ағажан,

Тиклемесек шайыр аты ҳарам болсын ағажан!

 

Баҳамдулла НУРАБУЛЛАЕВ

аўдармалары