Жақында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал демократиялық партиясы Сиясий Кеңеси Атқарыў комитети, Жазыўшылар аўқамы ҳәм Баспасөз ҳәм хабар агентлиги арасында «Белсенди исбилермен – дөретиўши нәзеринде» атамасында республикалық дөретиўшилик таңлаўын өткериў ҳаққындағы қоспа қарар қабыл етилген еди.

Усы жыл 17-август күни партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң шөлкемлестириўинде республикамыздың белгили жазыўшы, шайыр ҳәм журналистлеринен дүзилген арнаўлы топар Төрткүл районына барып, усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәм Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы мүнәсибети менен «Ўатаным – абат қорғаным» темасында үгит-нәсият, ағартыўшылық илажларын әмелге асырды.

Олар дәслеп Төрткүл районындағы 3-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде ушырасыў өткерди. Оған район ҳәкимлигиниң жуўапкер қәнигелери, жазыўшылар, журналистлер, дөретиўшилик пенен шуғылланатуғын жаслар қатнасты.

Илажды район ҳәкиминиң руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислер бойынша бөлиминиң баслығы Ж.Сеттиев алып барды.

Илажда ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Аппарат баслығы Ш.Өтемисов, шайыр ҳәм жазыўшы Я.Әжимов, журналистлер Ш.Сийпатдинов, Б.Бекмуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ғәрезсизлик дәўиринде елимиз тәрепинен ерисилген жетискенликлер туўралы айтып өтти.  Сондай-ақ, «Белсенди исбилермен – дөретиўши нәзеринде» атамасындағы таңлаў ҳәм оның өткерилиў тәртиби, қағыйдалары туўралы кең түрде түсиник берди.

– Таңлаў шәртлерине муўапық, дөретиўшилер тәрепинен усы таңлаўға берилетуғын материаллар көркем әдебият, кино ҳәм журналистика тараўында заманымыздың қаҳарманлары – мәмлекетимиздиң тек экономикалық раўажланыўы емес, ал сиясий-социаллық өмиринде де жетекши күшке айланып үлгерген бүгинги күнниң белсенди исбилерменлери ҳәм фермерлериниң тулғасын жаратыўға, олардың жәмийетлик турмысымызда тутқан орнын көркем образларда сәўлелендириўге, солай етип, жәмийетимизде, биринши гезекте жаслар арасында белсенди исбилерменлик мәдениятын қәлиплестириў, исбилерменлердиң инновациялық идеяларын кең түрде үгит-нәсиятлаў сыяқлы мәселелерди нәтийжели шешиўге көмеклесиўге хызмет етиўи керек,-дейди ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Аппарат баслығы Ш.Өтемисов.

Телевидение, радио, газета ҳәм интернет сайтларында жәрияланған усы мазмундағы материаллар усы жылдың 1-ноябрине шекем партияның Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетинде, жергиликли кеңеслерде қабыл етиледи.

Еслетип өтемиз, таңлаўда «Ең жақсы көркем шығарма», «Ең жақсы публицистикалық мақала», «Ең жақсы видеоролик» бағдарлары бойынша 1, 2, 3-орын белгиленген. 1-орын жеңимпазына ең кем айлық мийнет ҳақының 100 есеси, 2-орын жеңимпазына ең кем айлық мийнет ҳақының 50 есеси, 3-орын жеңимпазына ең кем айлық мийнет ҳақының 25 есеси муғдарында ақшалай сыйлықлар бериледи ҳәм басқа да бир қатар номинациялар бойынша да сыйлықлар белгиленген.

Илажда шайырлардың қосықлары тыңланып, әдебий мушайра болып өтти. Партия жумысларында белсендилик көрсетип атырған хызметкерлерге Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

– Мен бул ушырасыўда республикамызға белгили дөретиўши инсанлардан өзиме керекли көплеген нәрселерди үйрендим. Таңлаў туўралы анық мағлыўматқа ийе болдым. Мен де исбилерменлер ҳәм фермерлер туўралы жазған қосықларым ҳәм мақалаларым менен усы таңлаўға қатнаспақшыман,-дейди Төрткүл академиялық лицейиниң оқыўшысы Л.Авезова.

Соң, илаж қатнасыўшылары райондағы исбилермен Жамалатдин Садуллаевтың шаңарақлық ағаш усташылық кәрханасына ҳәм Әзиз Кенжаевтың «Алкен мебель» кәрханасына барып, ол жердеги жумыслар менен танысты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(А.Оразовтың түсирген сүўретлери)