Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов 19-август күни түнде Бекабадтан Ташкентке қайтып киятырғанында жол-транспорт ҳәдийсесине ушыраған. Бул ҳаққында Gazeta.uz ҳүкиметтеги дәрегине тийкарланып хабар бермекте.

Ҳүкимет басшысы хызмет автомобилинде болған. Ол жеңил жарақатлар менен емлеўханаға алып келинген, оның саламатлығына қәўип жоқ, деп айтып өткен сайттың ҳүкиметтеги дәреги.

ЖТҲ ақыбетинде Бас министр менен бир машинада болған және бир адам жеңил жарақат алған.

Daryo Live каналының мәлим етиўинше, Бас министр отырған автомобиль Damas автомобили менен соқлығысқан.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги