Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Тәжикстан Республикасының Президенти Эмомали Раҳмон 17-август күни мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан халықларын көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық, бир дин, уқсас мәденият, үрп-әдет ҳәм дәстүрлер бир-бирине беккем байланыстырып турады.

Президентлердиң сиясий ерк-ықрары ҳәм узақты гөзлеп жүргизип атырған дана сиясаты себепли соңғы жыллары еллеримиздиң көп қырлы бирге ислесиўи жаңа басқышқа көтерилди, халықларымыз дослығы беккемленди.

Әсиресе, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң быйылғы жылы 9-10-март күнлери Тәжикстанға мәмлекетлик сапары тарийхый ўақыя болды. Мәмлекет басшыларының ашық, өз-ара исеним ҳәм дослық қатнасықлары тек ғана Өзбекстан-Тәжикстан бирге ислесиўин раўажландырыў емес, ал пүткил Орайлық Азия регионында тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның Өзбекстанға дәслепки мәмлекетлик сапары өз-ара бирге ислесиўдиң раўажланыўында гезектеги үлкен ўақыя, деп тән алынбақта.

Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Шавкат Мирзиёев күтип алды.

Эмомали Раҳмон Президентимиз пенен биргеликте Мустақиллик майданына келип, еркинлигимиз, айдын келешегимиз ҳәм жақсы нийетлеримиздиң нышаны болған Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.

Сапардың тийкарғы илажлары Көксарай резиденциясында болып өтти.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмон тар шеңберде ушырасыў өткерди.

Президентимиз Тәжикстан басшысын қызғын қутлықлап, Өзбекстан менен Тәжикстан арасында қысқа мүддетте беккем бирге ислесиўдиң жолға қойылғаны, бул сапардың избе-из беккемленип баратырған өз-ара пайдалы ҳәм жедел пикирлесиўдиң логикалық даўамы екенин айрықша атап өтти.

– Қоңсы Тәжикстан менен дослық қатнасықларын раўажландырыў Өзбекстанның сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады, – деди Шавкат Мирзиёев. – Сизиң Өзбекстанға мәмлекетлик статустағы дәслепки сапарыңыз соннан дәрек береди. Биз оны өз-ара исенимге тийкарланған сиясий пикирлесиўимиздиң даўамы, деп билемиз, еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да жоқары дәрежеге көтериў ҳәм оны жаңа әмелий мазмун менен байытыўға таярмыз.

Тәжикстан Президенти Өзбекстан басшысына мирәт еткени ҳәм шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, усы ушырасыў бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайын ҳәм перспективаларын додалаў ушын қолайлы имканияты екенин атап өтти.

– Сизиң быйыл март айында Тәжикстанға мәмлекетлик сапарыңыз еллеримиздиң тарийхында жаңа алтын бет ашты. Ол Тәжикстан-Өзбекстан қатнасықларын қайта тикледи, барлық  тараўдағы комплексли мәселелерди избе-из раўажландырыўға күшли түртки берди. Нәтийжели сыртқы сиясатыңыз себепли Өзбекстанның халықаралық жәмийетшиликтеги абырай-итибары артып бармақта. Бул сапар етиў халықларымыздың абаданлығы ушын үлкен әҳмийетке ийе, – деди Эмомали Раҳмон.

Мәмлекетимиздиң ашық, конструктивлик ҳәм прагматикалық сыртқы сиясатының нәтийжесинде Өзбекстан менен Тәжикстан арасында түрли дәрежедеги делегациялардың алмасыўлары жеделлести. Президентимиздиң Тәжикстанға мәмлекетлик сапары шеңберинде өз-ара бирге ислесиўди сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, энергетика ҳәм басқа да жетекши тараўларда раўажландырыўға байланыслы 27 ҳүжжетке қол қойылды.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасында еркин саўда тәртиби енгизилген. 2002-жылы Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссия дүзилген. Быйылғы жылы усы комиссияның төрт мәжилисиниң өткерилгени тәреплердиң бул байланысларға үлкен әҳмийет беретуғынынан дәлийллемекте.

Шегарадағы өткериў пунктлериниң ашылғаны, еллеримиз арасында транспорт қатнасының тикленгени адамлардың турмыстан разы болып жасаўы да үлкен әҳмийетке ийе.

Еллеримиз БМШ, ШБШ, ҒМДА сыяқлы халықаралық структуралар шеңберинде де нәтийжели бирге ислесип келмекте. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелерде тәреплердиң көзқараслары уқсас ямаса жақын болып есапланады. Соның ишинде, қоңсы Аўғанстанда турақлылықты тәмийинлеў бағдарында тәреплер халықаралық жәмийетшилик пенен нәтийжели бирге ислеспекте.

Ушырасыўда Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы, оны буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланды. Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты.

Терроризм, экстремизм, наркотрафик, трансмиллий жынаятлар, халықаралық қәўипсизликке қәўип салатуғын басқа да қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўди тереңлестириў мәселелери де додаланды. Сол мүнәсибет пенен еки елдиң ҳуқық қорғаў уйымлары, арнаўлы хызметлери ҳәм қорғаныў системалары арасындағы бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмлерин ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентлер сөйлесиўди еки ел рәсмий делегацияларының кеңейтилген қурамдағы пикирлесиўинде даўам еттирди. Онда еллеримиз арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, энергетика, инвестиция, аўыл ҳәм суў хожалығы, туризм ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Еллеримиз арасындағы өз-ара товар айланысы жедел пәтлерде өсип бармақта. Усы жылдың биринши ярымында өз-ара саўда көлеми 35,1 процентке артты. 2018-жылы қуны 300 миллион доллардлан артық шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылып, оларды турмысқа енгизиў илажлары көрилмекте.

Президентимиз өз-ара саўда айланысы еллеримиз потенциалына сай емеслигин, товар алмасыў көлемин жылына 1 миллиард долларға жеткериў ушын пайдаланылмаған үлкен резервлердиң бар екенлигин атап өтти.

Елимизде Тәжикстан капиталының қатнасыўында 39 кәрхана жумыс ислемекте. Тәжикстан аймағында өзбекстанлы инвесторлар тәрепинен  дүзилген 8 кәрхана бар. Исбилермен топарлар арасында тиккелей сөйлесиў орнатыў мақсетинде Душанбе ҳәм Ташкентте бирликтеги бизнес-форумларды өткериў жақсы дәстүрге айланды. Усы сапар етиў шеңберинде өткерилген бирликтеги бизнес-форумда қуны 103 миллионе долларлық экспорт шәртнамаларына қол қойылды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияға өз-ара саўда көлемин арттырыўды ҳәм қурамын диверсификациялаўды избе-из даўам еттириў бойынша тапсырмалар берилди. Еки елдиң бизнес стурктуралары ҳәм шегараалды аймақлары арасындағы кооперацияны кеңейтиўге қаратылған қосымша илажларды көриў зәрүрлиги атап өтилди.  Аўыл хожалығы техникасын жыйнаў, қурылыс материаллары, азық-аўқат, таяр тоқымашылық, электротехника өнимлери ҳәм басқа да товарларды ислеп шығарыў жойбарларын тезлестириўге келисип алынды.

Энергетика тараўындағы нәтийжели бирге ислесиў беккемленип бармақта. Усы жылдың апрель айынан Тәжикстанға тәбийғый газди жеткерип бериў тикленди. Тәжикстаннан электр энергиясын тартып алыў көлеми артпақта. Еллеримиз буннан былай да транспорт ҳәм халықаралық транзит коридорларын раўажландырыў тараўында еле де нәтийжели бирге ислесиў ушын әмелий ис-ҳәрекетлерди орынлаўға таяр.

Аймақлар арасындағы байланыслар раўажланбақта. Соңғы бир жылда еки елдиң ўәлаятлары арасында 9 мәрте делегациялар алмасты. Исбилерменлер делегацияларының сапарлары шеңберинде ўәлаятлар арасында бизнес-форум көргизбелер өткериў жолға қойылды.

Орайлық Азияның суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Тәреплер бул бағдардағы ашық пикирлесиўди даўам еттириў тәрепдары. Сөйлесиўлер нәтийжесинде Зарафшан дәрьясының Тәжикстан аймағындағы бөлиминде Өзбекстан ҳәм Тәжикстан компанияларының қатнасыўында 320 мегаваттлық 2 ГЭС қурыўға келисип алынды.

Илимлер академиялары, жоқары билимлендириў мәкемелери, дөретиўшилик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер арасындағы байланысларды буннан былай да жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Тәжикстан Президентиниң бул сапар етиўи алдында илимий ҳәм мәдений топарлардың ўәкиллери ушырасып, еллеримиздиң мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўи перспективаларын додалағаны итибарға ылайық.

Бүгин Өзбекстанда жасап атырған тәжик миллетине тийисли ўатанласларымыздың саны 1,5 миллионға шамалас. Олар арасында мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықланғанлары көп. Республикалық тәжик миллий мәденият орайының орынларда 10 филиалы жумыс ислемекте. 245 улыўма билимлендириў мектебинде билимлендириў тәжик тилинде алып барылады. Тәжик тилинде басып шығарылып атырған 4 дәўирлик баспа редакциясы бар болып, онлаған телекөрсетиўлер менен радиоеситтириўлер  эфирге узатылмақта.

Өзбекстан-Тәжикстан  қатнасықларында ерисилген үлкен унамлы өзгерислер халықларымыз арасындағы дослық байланысларын сөзсиз беккемлемекте. Жыллар даўамында ағайин-туўысқанлары, дослары ҳәм жақынлары менен дийдар көрисиў имканиятына ийе болмаған адамлардың кайпияты да өзгерди. Атап өтилгениндей, бул мәмлекетлераралық қатнасықлардағы ең үлкен жетискенликлерден бири.

Сөйлесиўде өз-ара қатнасықлардың перспективалы бағдарларын иске қосыў, саўда-экономикалық байланыслардың қамтылыўын кеңейтиў, аймақлардың тиккелей бирге ислесиўин раўажландырыўға келисип алынды.

Буннан соң еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды. Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасының Президенти Эмомали Раҳмон Бирликтеги билдириўге, Өзбекстан Республикасы менен Тәжикстан Республикасы арасында Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнамаға қол қойды.

Стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў, антимонопол сиясат ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў, геология тараўында қоспа илимий-изертлеўлер өткериў, илимий-техникалық, аўыл хожалығы тараўларында бирге ислесиў, азық-аўқат қәўипсизлиги, билимлендириў, жаслар, мәденият ҳәм көркем өнер мәселелерине байланыслы бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.

Еллеримиз аймақлары арасындағы бирге ислесиўге байланыслы, соның ишинде, Сурхандәрья ўәлаяты менен Хатлон ўәлаяты, Самарқанд ўәлаяты менен Сўғд ўәлаяты арасында саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гумантиралық бирге ислесиў ҳаққында келисимлерге қол қойылды.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда Президентлер сөйлесиўлердиң ашық-айдынлық өз-ара исеним, түсиниў ҳәм дослық руўхында өткенин, қол қойылған ҳүжжетлер Өзбекстан ҳәм Тәжикстан халықларының мәплерине хызмет ететуғынын атап өтти.

– Тәжикстан Республикасының Президенти, достым ҳәм бирадарым Эмомали Раҳмонның дәслепки мәмлекетлик сапары еки тәреплеме бирге ислесиўде жаңа жолларды ашты. Биз сиясий, саўда-экономикалық, транспорт, суў-энергетика ҳәм басқа тараўлардағы өз-ара байланысларды беккемлеўге байланыслы әҳмийетли мәселелерди додаладық. Әмелге асырылған үлкен ҳәм пуқта бирге ислесиўдеги жумыслардың нәтийжесинде бүгин Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнамаға қол қойдық. Бул қатнасықларымызда жаңа дәўирдиң басланғанынан дәрек береди, – деди Шавкат Мирзиёев.

– Ҳүрметли Шавкат Миромонович пенен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлеримиздиң жуўмағы жүдә нәтийжели ҳәм қанаатландырарлы, деп баҳалаймыз. Ол Тәжикстан-Өзбекстан қатнасықларын страегиялық шериклик, өз-ара ҳүрмет, дослық ҳәм жақсы қоңсышылық тийкарында беккемлеп баратуғынына умтылыўымызды ҳәм исенимли мақсетимизди және бир мәрте тастыйықлады. Өзбекстанға дәслепки мәмлекетлик келиўим даўамында шешилмеген мәселе қалмады. Биз барлық мәселелер бойынша анық жуўмақларға еристик. Бул болса келешекте, әлбетте, өзиниң унамлы нәтийжелерин береди, – деди Эмомали Раҳмон.

Тәжикстан Президенти халықларымыз арасындағы шын жүректен дослық ҳәм туўысқанлық қатнасықларының анық үлгиси сыпатында Президентимизге уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы шығармаларының аўдармасы топланған «Чашмаи хирад» китабын саўға етти.

Тәжикстан басшысының сапары қарсаңында «Өзэкспоорай»да Тәжикстан санаат өнимлери көргизбеси ашылды. Күнниң екинши ярымында Президентлер усы көргизбеге барды.

Сыртқы саўда ҳәм экономика мәкемелерине экспорт-импорт байланысларын кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди. Санаат кәрханалары арасында кооперацияны раўажландырыў, исбилерменлердиң тиккелей бирге ислесиўин жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

Буннан соң Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмон пайтахтымыздағы «Artel» заводында болды. Бул жерде ислеп шығарылып атырған кең түрдеги турмыслық техника ҳәм электр үскенелери, алдынғы стандартлар тийкарында өнимди жыйнаў процеси жоқары дәрежели мийманда үлкен тәсир қалдырды.

Эмомали Раҳмон Өзбекстан өнимлериниң сапасы ҳәм баҳасы менен бәсекиге шыдамлылығын, соның ишинде, «Artel» үскенелери Тәжикстанда да өтимлилигин атап өтти.

«Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында Өзбекстан ҳәм Тәжикстан көркем өнер шеберлериниң қатнасыўында «Дослық кешеси» атлы концерт болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы өзбек ҳәм тәжик халықлары әзелден жақын жасағанын, қыйыншылықларды биргеликте жеңип өткенин атап өтти.

– Өзбек ҳәм тәжик халықлары бир теректиң еки шақасына, бир дәрьяның еки саласына уқсайды. Бизиң муқаддес динимиз, жеримиз ҳәм суўымыз бир. Қуўаныш-қайғыларымыз, тәғдиримиз уқсас. Ата-бабаларымыздың жақсы дәстүрлерин даўам еттирип, халықларымыздың дослығын беккемлеўимиз қәстерлеп-сақлаўымыз керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Илажда Президентимиз Эмомали Раҳмонға еки тәреплеме бирге ислесиўди, халықларамыз арасындағы дослық қатнасықларды беккемлеўге қосқан үлкен үлеси ушын мәмлекетимиздиң «Ел-журт ҳүрмети» орденин тапсырды.

Тәжикстан Президенти жоқары ҳүрмет-итибар ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирип, қатнасықлардың бүгинги басқышы халықларамыздың тарийхый жетискенлиги екенин атап өтти.

«Дослық кешеси» күн сайын беккемленип баратырған Өзбекстан ҳәм Тәжикстан бирге ислесиўиниң, халықларымыз дослығының және бир белгиси болды.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонниң елимизге мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы