Өзбек әдебияты ҳәм мәденияты аўыр жоғалтыўға ушырады.

Өзбекстан халық шайыры, атақлы жәмийетлик ғайраткер Ҳалима Умматқуловна Худайбердиева 2018-жыл 17-август күни 71 жасында қайтыс болды.

Ҳалима Худайбердиева 1947-жылы Сырдәрья ўәлаятының Боёвут районында туўылды. 1972-жылы Ташкент мәмлекетлик университетин, 1977-жылы Москва Жоқары әдебият курсын тамамлады.

Ол өз мийнет жолын «Саодат» журналында бөлим редакторы сыпатында баслап, узақ жыллар даўамында усы басылымда бас редактордың орынбасары, бас редактор лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барды. 1991-1994-жыллары Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы лаўазымында ислеп, елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, шаңарақ институтын беккемлеўге мүнәсип үлес қосты. «Жазыўшы» баспасында, «Гулистан», «Санам» журналларындағы жумыс ислеў дәўиринде әдебиятымыздың ҳәм журналистикамыздың раўажланыў жолында шын кеўилден хызмет етти.

Ҳ. Худайбердиева 1991-1995-жыллары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң депутаты сыпатында елимиз ғәрезсизлигиниң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў жолында жанкүйерлик көрсетти.

Жарқын талант ийеси, үлкен сөз шебери Ҳалима Худайбердиева өзиниң мазмунлы, көркемлиги жоқары қосық ҳәм дәстанлары, әҳмийетли темаларға бағышланған публицистикалық мақалаларында әзиз Ўатанымызға ҳәм халқымызға, әзелий қәдириятларымызға меҳир ҳәм садықлық, уллы ҳаял ҳәм ана тымсалына ҳүрмет сезимлерин теңсиз шеберлик пенен сөз етти. Оның жарқын миллий руўх ҳәм турмыслық философия менен байытылған бийтәкирар дөретиўшилиги өзбек әдебияты ғәзийнесинен, ел-халқымыз қәлбинен терең орын ийеледи.

Дөретиўшинииң қәлемине тийисли онлаған көркем жетик шығармалар дүньяның көплеген тиллерине аўдарламаланды.

Зийрек шайыр дүнья ҳәм туўысқан халықлар әдебиятының көзге көринген ўәкиллериниң шығармаларын өзбек тилине үлкен шеберлик пенен аўдарма ислеп, миллий әдебиятымызды байытыўға салмақлы үлес қосты.

Ҳалима Худайбердиева жанкүйер шөлкемлестириўши сыпатында жәмийетлик жумысларға, елимиздеги мәдений ҳәм ағартыўшылық жаңаланыў процесслеринде белсене қатнасты. Өмириниң ақырына шекем «Дугоналар» журналына басшылық етип, жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўда пидайылық үлгисин көрсетти.

Бүгинги күнде Ҳалима Худайбердиеваның дөретиўшилик мектебинде тәрбияланған өзбек әдебиятында өзиниң беккем орнын тапқан көплеген талантлы дөретиўшилер оны өзлериниң меҳрибан ҳәм талапшаң устазы деп тән алады ҳәм қәдирлейди.

Белгили сөз шебери Ҳалима Худайбердиеваның өзбек әдебияты ҳәм мәдениятын раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланды. Ол «Өзбекстан халық шайыры» ҳүрметли атағы, «Ел-журт ҳүрмети» ордени менен сыйлықланған еди.

Халқымыздың ардақлы перзенти, меҳрибан устаз,  ҳақ кеўил ҳәм киши-пейил инсан Ҳалима Худайбердиеваның жарқын естелиги жүреклеримизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Н.Йўлдошев. Н.Исмоилов,

А.Арипов, С.Саидов, О.Ҳожиева