Халық билимлендириўи министри Шерзод Шерматовтың Фейсбуктағы бетинде мағлыўмат бериўинше, елимиз мектеплеринде оқыўлар 5-сентябрьден басланады.

«Президентимиздиң Пәрманларына бола Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен елимиздиң халқына 31-августтан 4-сентябрге шекем дем алыс күнлери деп белгиленген. Мектептеги оқытыўшыларымыз да усы дем алыс имканиятынан толық пайдаланыўы ушын жаңа оқыў жылы 5-сентябрьден басланады. Бул бағдарда ишки туризм имканиятларынан шаңарақлық пайдаланыўды режелестирген, бирақ перзентиниң оқыўға барыўы мүнәсибети менен екиленип турған ата-аналарға да қосымша имканият жаратылды»,-делинеди хабарда.

ӨзА