Бүгин – 20-август күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң киши мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-майдағы «Инсан ҳуқықлары дүнья жүзилик декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына бағышланған илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы Пәрманының мазмуны ҳәм Пәрман шеңберинде елимиздеги ғалаба хабар қураллары тәрепинен әмелге асырылып атырған илажларға бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

 

 

Баспасөз конференциясын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының баспасөз хаткери Ч.Елмуратов алып барды.

Илажға елимиздеги барлық ғалаба хабар қуралларының журналистлери, тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

 

Баспасөз конференциясында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқықый билимлендириў кафедрасының доценти Президентимиздиң жоқарыда аты аталған Пәрманының мазмуны, «Тынышлық сақшысы» газетасының редакторы Ж.Өтениязов жергиликли баспасөз бетлеринде, «Қарақалпақстан» телерадиокомпаниясы редакторының орынбасары Ү.Әбдижамилова жергиликли телерадиоканалларда ҳәм Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы, Karinform.uz сайтының редакторы И.Матеков жергиликли Интернет сайтларында инсан ҳуқықларының тәмийинлениў мәселелериниң сәўлелениўи бойынша шығып сөйледи.

Илаж шеңберинде ғалаба хабар қураллары журналистлери өз ара пикир алмасып, тема дөгерегинде алдағы исленетуғын ўазыйпаларды белгилеп алды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.