Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Арал бойы регионы балалары ушын реабилитациялық орайға ийе болған қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тастыйықланды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Ҳүжжет тийкарында Арал бойы регионы балалары ушын реабилитациялық орайға ийе болған қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў бойынша сынақ жойбарын әмелге асырыўға келисим берилди.

Шөлкемлестирилип атырған реабилитациялық орайға ийе болған қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң тийкарғы бағдары етип физикалық ямаса ақылый жақтан раўажланыўда ҳәр қыйлы өзгерислерге ийе болған балаларға мектепке шекемги билим алыўда мақсетли түрде жәрдем көрсетиў, оларды реабилитациялаў ҳәм когнитивлик имканиятларға муўапық саламатластырыўдан ибарат.

Ҳүжжет тийкарында реабилитациялық орайға ийе болған қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң қайырқомлық кеңеси шөлкемлестирилди.

Объекттиң қурылысы ушын Нөкис қаласындағы «Нур» МПЖ аймағынан жер участкасы ажыратылады. Атап өтилиўинше, қәнигелестирилген мәкеме 120 орынға арналған болады.

Объект 2018-жылдың 1-декабрь күнине шекем қурып питкериледи ҳәм пайдаланыўға тапсырылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.