Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл  8-августтағы 649-ф-санлы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2018-жыл 11-август күнги 252-б-санлы бийлигине муўапық, елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамын мүнәсип белгилеўге таярлық көриў, елимизде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумысларға халықтың жуўапкершилик сезимин қәлиплестириў, халқымыз арасында миллий қәдириятларға тән болған өз-ара меҳир-мүриўбет сыяқлы ийги пазыйлетлерди жоқарылатыў, жасларымызды жоқары инсаный сезимлер руўхында пидайы етип тәрбиялаў, мәҳәллелер, халықтың жасаў орынларын абаданластырыў ҳәм барлық аймақларда санитариялық жағдайды жақсылаў мақсетинде  август айы елимиздиң барлық аймақларында абаданластырыў ҳәм тазалық айлығы, деп жәрияланып, 1819-август күнлери өткерилетуғын улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги шөлкемлескенлик жағдайында баслап жиберилди.

Шембиликтиң биринши күни республикамыз бойынша жәми 769 мыңнан аслам адам қатнасты. Олардың 400 мыңға шамаласын жаслар қурайды.

Жәми 1211 гектар жер майданы абаданластырылып, 1307 тонна турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары шығарып тасланды, 727 километрлик жап-салмалар тазаланды, 157 қәбирстан ҳәм 24 зиярат орны абаданластырылды. 431 мың 800 теректиң путақлары алынып ҳәкленди. Бул жумысларға жәми 438 техника қатнасты.

Бийликке муўапық, улыўмахалықлық шембилик мүнәсибети менен министрликлер, мәкемелер ҳәм басқа шөлкемлерде мийнет етип атырған хызметкерлердиң бир күнлик мийнет ҳақысы муғдарындағы қаржылар олардың өз басламаларына бола «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қорының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң, районлық ҳәм Нөкис қалалық бөлимлериниң банктеги есап бетлерине өткериледи.

Сондай-ақ, шембилик даўамында халықтың социаллық жақтан қорғалыўына мүтәж қатламларына бийминнет жәрдем көрсетиў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылды. Жәми 241 хожалықтың турақ жайы оңланып, бул жумыслар ушын 19 миллион сумнан аслам қаржы жумсалды. 563 кем тәмийинленген шаңараққа ҳәм 159 майыплығы бар шахслар менен жалғыз баслы кекселерге жәми 19 миллион 200 мың сумлық материаллық жәрдем көрсетилди.

Шембилик илажлары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.