Министрлер Кабинетиниң қарары тийкарында мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары ушын заманагөй бирден-бир мектеп формасын енгизиў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеге муўапық, билимлендириў мәкемеси тәрепинен мектеп формасының бирден-бир үлги формаларының реңли сүўретлери ҳәм техникалық көрсеткишлери – гезлемениң қурамы ҳәм реңи ҳаққындағы мағлыўматлар 1-6-класлар және 7-11-класлар кесиминде билимлендириў мәкемесиниң ҳәммеге көринетуғын жерине қыстырып қойылады. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Билимлендириў мәкемесиниң басшылары ҳәр жылы 20-февральға шекем оқыўшылардың саны ҳаққындағы мағлыўматларды класлар және жыныс (ул/қыз) кесиминде тийисли районлық (қалалық) халық билимлендириў бөлимине усынады.

Районлық (қалалық) халық билимлендириў бөлимлери ҳәр жылы 1-мартқа шекем оқыўшылардың класлар ҳәм жыныс (ул/қыз) кесиминдеги район (қала) бойынша улыўмаластырылған мағлыўматларды (прогноз) Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, ўәлаятлар халық билимлендириў басқармалары ҳәм Ташкент қалалық халық билимлендириў бас басқармасына усынады.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, ўәлаятлар халық билимлендириў басқармалары ҳәм Ташкент қалалық халық билимлендириў бас басқармасы тәрепинен қурамындағы билимлендириў мәкемелериндеги жәми оқыўшылардың класлар ҳәм жыныс (ул/қыз) кесиминдеги саны (прогноз) ҳаққындағы мағлыўматларды улыўмаластыра отырып Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине ҳәр жылы 10-мартқа шекем усынады.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен улыўма билим бериў мектеплери жәми оқыўшыларының класлар ҳәм жыныс (ул/қыз) кесиминдеги саны (прогноз) ҳаққындағы мағлыўматларды аймақлар бойынша улыўмаластырылған ҳалда «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясына ҳәр жылы 20-мартқа шекем усынылады.

«Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы усынылған мағлыўматларды есапқа ала отырып Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте ҳәр жылы апрель-август айлары даўамында аймақлар бойынша мектеп формаларының ислеп шығарылыўын шөлкемлестиреди.

«Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы мектеп формаларының аймақлар ҳәм районлар (қалалар) бойынша ислеп шығарыў ҳәм саўдасы шөлкемлестирилетуғын орынлар ҳаққындағы мәнзилли мағлыўматларды ҳәр жылы 20-апрельге шекем Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине усынады ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы саўдасы шөлкемлестирилетуғын орынлар ҳаққындағы мәнзилли мағлыўматларды жәриялайды.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ислеп шығарыўшылар ҳәм саўда орынларының мәнзиллери ҳаққындағы мағлыўматлардың ҳәр жылы 25-апрельге шекем барлық билимлендириў мәкемелерине жеткерилиўин тәмийинлейди.

Билимлендириў мәкемеси басшылары тәрепинен ҳәр жылы 1-майға шекем билимлендириў мәкемесиниң ҳәммеге көринетуғын жерлерине мектеп формасын қай жерде ҳәм қандай тәртипте сатып алыў мүмкинлиги ҳаққында тийисли дағаза жәрияланады ҳәм билимлендириў мәкемелери тәрепинен ата-аналар арасында түсиндириў жумыслары алып барылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.