Министрлер Кабинетиниң қарары тийкарында мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары ушын заманагөй бирден-бир мектеп формасын енгизиў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

 

Режеге муўапық, улыўма билим бериў мектеплеринде:

 

Ул бала оқыўшылардың билимлендириў мәкемесине денесиниң ашық жерине татуировка түсирилген ямаса пирсинг исленген, сақал қойған, шашы 2-3 сантиметрден узын болған ҳәм жарқын реңлерге бояған ҳалда келиўине;

 

Қыз бала оқыўшылардың билимлендириў мәкемесине денесиниң ашық жерине татуировка түсирилген ямаса пирсинг исленген, шашын жарқын реңлерге бояған, бетин көзге тасланатуғын дәрежеде макияж ислеген, қулағына биреўден артық сырға таққан, бармақларына жүзик таққан, қол тырнақларын бояған ҳәм узын етип өсирген ҳалда келиўине жол қойылмайды.

 

Ҳаўа райының жағдайынан келип шығып, оқыўшылар мектеп формасының джакетин ямаса костюмын, көйлектиң жеңи узын ямаса келте формасын ықтыярлы түрде кийиўи мүмкин. Сондай-ақ, қысқы оқыў дәўиринде оқыўшы қызларға бирден-бир мектеп формасына сәйкес шалбар кийиўге рухсат бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.