Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының мағлыўматына қарағанда 2018-жылдың жети айы даўамында жүз берген жол-транспорт ҳәдийселерин сутканың саатлары бойынша таллағанда, ең көп ЖТҲ кешки саат 19.00 дан саат 21.00 ге шекем ўақыт аралығында жүз берип, бул улыўма ҳәдийселердиң 26,4 процентин қурайды.

Ҳәдийселердиң ең көп жүз бериўи ҳәптениң шийшемби ҳәм жума күнлерине туўра келген.

ЖТҲ жүз бериўге қатнасқан транспорт  басқарыўшылардың көпшилигин 28 жастан 32 жасқа шекемги пуқаралар қурайды.

Бундай ҳәдийселер жүз бериўине  тәжирийбеси 5 жылға шекемги пуқаралар көбирик себепши болмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги