Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының 93-мәўсими усы жылдың 7-сентябрь күни ашылыўы жобаластырылған. Бул ҳаққында театрдың Телеграмдағы каналында хабар берилди.

Хабарда жазылыўынша, театр жәмәәти 93-мәўсимди «Бердақ» спектакли менен ашыўға қызғын таярлық көрмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.