Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Ариповтың басшылығында 2018-жыл август айында елимиздиң барлық аймақларында абаданластырыў ҳәм тазалық айлығын, 18-19-август күнлери улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигин шөлкемлестириў ҳәм Қурбан ҳайытын белгилеўге таярлық көриў, оны мүнәсип өткериў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти. Онда министрликлер ҳәм ведомстволардың басшылары, тийисли шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп 18-19-август күнлери елимиз бойлап өткерилетуғын улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигин мүнәсип шөлкемлестириў менен байланыслы мәселеге тоқтап өтилди.

Ғәрезсизлигимиздиң жигирма жети жыллығы ҳәм Қурбан ҳайыты байрамын мүнәсип белгилеўге таярлық көриў, елимизде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумысларына айрықша жуўапкершилик сезимин қәлиплестириў, халқымыз арасында миллий қәдириятларымызға тән болған мийрим-шәпәәт ҳәм татыўлықты буннан былай да күшейтиў, бийғәрез жәрдем, мийрим-шәпәәт сыяқлы жақсы пазыйлетлерди жоқарылатыў, жасларымызды жоқары адамгершилик сезимлери руўхында ўатанға садық ҳәм пидайы етип тәрбиялаў, мәҳәллелерди, халықтың турақ жайларын абаданластырыў ҳәм республиканың барлық аймақларында санитариялық жағдайды жақсылаў мақсетинде 2018-жылдың август айы елимиздиң барлық аймақларында абаданластырыў ҳәм тазалық айы деп жәрияланды.

Шембилик күнлери халықтың, әсиресе, жаслардың санасында «Абаданлық кеўилден басланады»деген идеяны терең сиңдириў, өз үйин, мәҳәллесин, жумыс орнын таза, азада сақлаў, абат болыўына үлесин қосыў, бул процесслерге мәҳәлле халқы, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жумысшы хызметкерлериниң жәмлескен ҳалда, жәмәәт болып қатнасыўын тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе.

Мәжилисте атап өтилгениндей, абаданластырыў ҳәм тазалық айлары және улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигин өткериў шеңберин де мәҳәллелер, елатлы пунктлер, көп қабатлы турақ жайлар ҳәм имаратлар, ҳәўлилердиң әтирапы, гүзарлар, қыябанлар, зыярат етиў орынлары, қойымшылық ҳәм муқаддес орынларды тәртипке келтириўге айрықша итибар қаратыў зәрүр. Айырым қойымшылықлар ҳәм зыярат етиў орынлары ашынарлы жағдайға түсип қалғанлығы, тәртипке келтирилмегенлиги, сондай-ақ, айырым қыябанлар ҳәм дем алыў бағларының жағдайы талапқа жуўап бермейтуғыны сынға алынды. Бул ушын халық, әсиресе, жаслар арасында экологиялық мәдениятты жоқарылатыў зәрүрлиги айтылды.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылы салмалар, дәрья ҳәм суў сақлағышлардың әтирапларын тазалаў жумысларына үлкен итибар берилмекте. Шембилик күнлери республикамыздың барлық аймақларында каналлар, салмалар, жаплардың әтирапын арнаўлы техникаларды тартқан ҳалда тазалаў жумысларын шөлкемлестириў бойынша орынлардағы ҳәкимликлерге тапсырмалар берилди.

Социаллық қорғаўға мүтәж кекселер, пенсионерлер ҳәм майыплар, жалғыз нуранийлер, кем тәмийинленген ҳәм бағыўшысын жойытқан шаңарақлардың турақ жай шараятларын жақсылаўға көмеклесиў бойынша да зәрүр тапсырмалар берилди. Улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигиниң қатнасыўшларын зәрүр техника қураллары ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў керек екенлиги атап өтилди. Ишки ислер министрлигиниң улыўмахалықлық шембилик күнлери жәмийетлик тәртипти сақлаў, өрт ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар берилди.

Мәжилис даўамында Қурбан ҳайытын белгилеўге таярлық көриў ҳәм оны мүнәсип өткериў мәселелерине тоқтап өтилди. Атап айтқанда, ҳайыт намазы ўақтында жәмийетлик тәртипти сақлаўға айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги айтылды.

Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен ҳайыт намазы оқылатуғын 2 мыңға шамалас мешитлерде, 8,5 мыңнан аслам мүқаддес зыярат етиў орынлары, қойымшылықларда, сондай-ақ. дем алыў бағлары, базарлар ҳәм адамлар көп болатуғын орынларда халық ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыў талап етиледи.

Қурбан ҳайытының орынларда көтериңки руўхта, тәртипли ҳәм халқымыздың миллий қәдриятларына сай түрде байрамға мүнәсип өтиўин тәмийинлеў зәрүрлиги, намаз оқылатуғын мешит аймағында автомобиль қатнаўын шеклеў, автобильллер туратуғын орынларда қәўипсизлик илажларын көриў зәрүрлиги атап өтилди.

Базарларда саўда хызметин жоқары дәрежеде жолға қойыў, баҳаның жасалма түрде артыўының алдын алыў илажларына айрықша итибар қаратыў талап етиледи.

Меҳрибанлық, Мүриўбет, Сақаўат үйлери, социаллық қорғаўға мүтәж кекселер, пенсионерлер ҳәм майыплар, жалғыз нуранийлер, кем тәмийинленген ҳәм бағыўшысын жойтқан шаңарақлардың хал-жағдайларынан хабар алыў, оларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем бериў, мийрим-шәпәәт көрсетиў халқымызға тән жақсы пазыйлет екенлиги атап өтилди. Усы мүбәрек байрамды мүнәсип белгилеў бойынша анық тапсырмалар ҳәм ўазыйпалар берилди.

Нурилла НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы