Бурын хабар етилгениндей, 10-11-август күнлери аралығында Тақыятас социальэкономикалық ҳәм педагогикалық колледжинде елимиздиң ғәрезсизлик байрамы алдынан  спорттың аўыр атлетика түринен  2002-жылы туўылған ҳәм оннан киши жастағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери спортшылары арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди.

Жарысқа жәми 69 cпортшы, соннан 48 ер бала ҳәм 21 қызлар қатнасты.

Жарыста ер балалар арасында  42 кг салмақта Б.Алланазаров, 46 кг салмақта Ж. Тўхтасинов, 50 кг салмақта Д.Ражапбаев, 56 кг салмақта Д.Опаев, 62 кг салмақта С.Аширбаев, 69 кг салмақта Н.Сарибаев, 77 кг салмақта Ж.Алланиязов, +77 кг салмақта Ш.Нуржанов, қызлар арасында болса 40 кг салмақта Ф.Исмаилова, 44 кг салмақта Н.Турғанбаева, 48 кг салмақта М.Атаханова, 53 кг салмақта С.Абдикаримова, 58 кг салмақта А.Жарылқағанова, 63 кг салмақта Ж.Муханова, +63 кг салмақта Ж.Матмуратовалар биринши орын жеңимпазлары деп табылып,  усы жыл 24-26-август күнлери аралығында  Самарқанд қаласында өткерилетуғын Өзбекстан чемпионатына  жоллама алды.

Жарыстың 1-2-3-орын жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги