Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2-сентябрь күни Жиззақ ўәлаятының Зарбдор районында болды.

Мәмлекетимиз басшысы «Тошкескан» фермер хожалығының пахта атызы менен танысты. Фермерлер ҳәм дийқанлар менен агротехникалық илажларды дурыс және сапалы әмелге асырыў, зүрәәтти өз ўақтында жыйнап алыў туўралы сәўбетлести.

Биз аўыл хожалығы саласында ҳәмме нәрсени билемиз, деп ойлаймыз. Негизинде биз билмеген нәрселер оғада көп. Солай екен, бул бағдарда оқыўдан, излениўден тоқтамаўымыз, фермерлердиң оқыўын шөлкемлестириўимиз керек. Оларға жетик қәнигелер сабақ бериўи зәрүр, деди мәмлекетимиз басшысы.

Жиззақ ўәлаятында пахта жыйым-теримине пуқта таярлық көрилди. Ўәлаятта 481 мың гектар егислик майданы болып, оның 261 мың гектары суўғарылатуғын жерлер болып табылады. 12 мыңнан аслам фермер хожалығының 3 мың 978 и ғаўаша тәрбияламақта.

Мәмлекетимиз басшысына «Өзпахтасанаат» АЖ тәрепинен 2017-жылғы пахта шийки затын электрон тәрези арқалы «Е-тәрези» бағдарламасында қабыллаў ҳәм бул процесске «Фотофиксация» системасын нәтийжели енгизиў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша мағлыўмат берилди.

«Өзпахтасанаат» системасындағы 98 пахта тазалаў кәрханасына қараслы барлық пахта таярлаў орынларында өткен жылы орнатылған электрон тәрезилер менен бақлаў камералары мәўсимге таярлап қойылған. 2017-жылғы пахта зүрәәтин қабыллаўда, сондай-ақ, пахтаны қабыллаў көрсеткишлери бойынша таярланатуғын есап-санақлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў және бул процессте инсан факторын қысқартыў мақсетинде заманагөй мәлимлеме технологиялары кеңнен енгизилмекте.

Бундай мәлимлеме системасында қабыл етилген пахта шийки заты электрон тәрези арқалы «Е-тәрези» бағдарамасында өлшенип, пахтаны тасып келген транспорт қуралы бақлаў камералары арқалы синхрон түрде сүўретке алынады, яғный фотофиксацияланады. Сүўретте сәне, транспорт қуралының номери, фермер хожалығының аты, тапсырылған шийки заттың салмағы сәўлелендириледи. Бул зүрәтти қабыллаў процесинде материаллық жақтан жуўапкер шахслардың жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди. Күнлик қабыл етилген пахта шийки заты ҳаққындағы мағлыўматлар орайлық базаға онлайн түринде киргизилип барылады. Бул, өз гезегинде, республика, ўәлаятлар, районлар, секторлар (ҳәким, прокурор, ишки ислер ҳәм салық уйымлары), фермер хожалықлары кесиминде қабыл етилген пахта шийки затының орайласқан есап-санағының қәлиплесиў оперативлигин, мағлыўматлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеп, терим-отрядларының нәтийжелилигин де талқылаўға имканият жаратады.

Быйылғы пахта зүрәәтин жыйнап алыў мәўсиминде барлық пахта таярлаў орынларының лабораторияларына бақлаў камералары орнатылды. Енди фермерлер ямаса олардың исенимли ўәкиллери лабораториядағы жумыс процесин жанлы түрде бақлаў ҳәм даўысын еситиў имканиятына ийе болды.

Пахта таярлаў орынларында енгизилген «Е-тәрези» бағдарламасы мағлыўматлар базасының «Агробанк» АКБ орайлық сервери менен интеграциясы (мағлыўмат алмасыўы) жанлы түрде жолға қойылды.

Жуўапкер адамларға усы заманагөй системаны буннан былай да жетилистириў ҳәм әмелиятқа кеңнен енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Шавкат Мирзиёев «Тараққиёт манзараси» фермер хожалығының дала шертегинде ўәлаяттың жуўапкер адамлары, фермерлер менен ушырасты.

Президентимиздиң 2017-жыл 8-августтағы «Аймақлардың жедел социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўге байланыслы тийкарғы илажлар ҳаққында»ғы қарарында аймақларды Ташкент қаласы, ўәлаятлар, районлар (қалалар) ҳәкимлери, прокуратура, ишки ислер ҳәм мәмлекетлик салық хызмети аймақлық уйымларының басшылары басшылық ететуғын комплексли социаллық-экономкиалық раўажландырыў бойынша секторларға бөлиў нәзерде тутылған.

Ушырасыўда ўәлаяттағы усы сектор ўәкиллериниң өз аймақлары бойынша жумысы додаланды.

Президентимиз секторлардың жумысы бүгинги күнниң талаплары дәрежесинде шөлкемлестирилмегенин атап өтти.

Илажда ўәлаятта жыйым-терим мәўсимин нәтийжели шөлкемлестириў, қайта егилетуғын егинлердиң мониторинги, аўыл хожалығы саласында күтилип атырған зүрәәт ҳәм дәрамат, барлық категориядағы хожалықлар ушын 2018-жылда егилетуғын овощ егинлери және олардан алынатуғын өнимниң муғдары ҳәм басқа да мәселелер көрип шығылды.

Абу Бакир ЎРОЗОВ,

ӨзА ның арнаўлы хабаршысы