10-август күни Өзбекстан көлеминде 25 жоқары оқыў орнының 121 тәлим бағдарында тест сынақлары өткерилген.

1-сменада 25 мың 990 абитуриент қатнасқан болса, тест сынақларының екинши сменасында 22 мың 466 абитуриент қатнасқан.

Мағлыўматларға қарағанда, күнниң биринши ярымында 760 абитуриент ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы 760 абитуриент, ал екинши ярымында болса 542 абитуриент тест сынақларына келмеген.

Белгиленген тәртип-қағыйдаларды бузғаны ушын 140 абитуриент, соның 66 сы тест өткериў орнына кириў ўақтында уялы телефон, шпаргалкалар алып кириўге ҳәм басқалардың орнына кириўге, сондай-ақ, 74 абитуриент тест ўақтында шпаргалкадан пайдаланыўға ҳәм басқа абитуриентлерге жәрдем бериўге ҳәрекет еткенлиги ушын тест сынақларынан шетлетилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.