Быйылғы жылы Өзбекстанның барлық жоқары оқыў орынларының бакалавр (күндизги) бағдарларына тест сынақлары 1-15-август күнлери аралығында өткерилетуғынлығы, ал Қарақалпақстанда болса усы бағдардағы тест сынақларын 1-11-август күнлери аралығында жуўмақлаў мүмкиншилиги бар екенлиги ҳаққында хабар берген едик.

Режеге муўапық, 1-11-август күнлери аралығында Қарақалпақстандағы 6 жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырған абитуриентлер тест сынақларына қатнасты.

Бүгин – 11-август күни Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының бакалавр (күндизги) бағдарларына болып өтип атырған тест сынақлары Қарақалпақстандағы быйылғы тест процесин жуўмақлап береди.

Еслетип өтемиз, быйылғы жылы Қарақалпақстандағы 6 жоқары оқыў орнына 39 мыңнан аслам аибитуриент ҳүжжет тапсырған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.