Мәлим болғанындай, усы жыл 7-февраль күни мәмлекетимиз Президенти тәрепинен 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тастыйықланған еди. Бул ҳүжжеттиң «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда қабыл етилиўи тегин емес, әлбетте. Өйткени, Ҳәрекетлер стратегиясының екинши бағдары шеңберинде барлық ҳуқық қорғаў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары халық пенен тиккелей ушырасыўларды жолға қойыў, халықтың оларға мүрәжат етиўин тәмийинлеў зәрүрлиги нәзерде тутылған.

Усы ҳүжжет ҳәм «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлери ҳаққында»ғы Нызам талапларынан келип шыққан ҳалда, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы уйымлары тәрепинен мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм шөлкемлерине пуқаралар тәрепинен келип түскен мүрәжатлердиң өз ўақтында көрип шығылыўы бойынша турақлы қадағалаў жумыслары алып барылмақта.

Быйылғы жылдың өткен дәўиринде прокуратура уйымлары тәрепинен 44 мәмлекетлик басқарыў уйымы ҳәм оның төменги структураларында 301 мәрте тексериў өткерилди. Тексериўлер нәтийжесинде 385 нызам бузылыўшылық жағдайлары анықланды. Соннан 40 жағдайда мүрәжатлердиң тийисли тәртипте дизимге алынбағаны, 80 жағдайда мүрәжат бойынша сапасыз тексериўлердиң өткерилгени, 18 жағдайда мүрәжат ийелерине көрип шығыўдың нәтийжелери ҳаққында жазба түрде мәлим етилмегенлиги анықланды. Буннан тысқары, 24 мүрәжат улыўма көрип шығылмаған ямаса басқа уйымларға нызамда белгиленген мүддет өткерип жиберилген, 18 мүрәжаттың тексериў мүддетлери бузылған.

Мине усындай, мүрәжатлер менен ислесиўде жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен 289 ҳәм өзин-өзи басқарыў уйымларында 247 нызам бузыўшылық фактлерине жол қойылған. Мәселен, Шоманай ҳәм Кегейли районлары ҳәкимликлериниң жуўаплы хызметкерлери пуқаралардан келип түскен арза ҳәм шағымларға жүзеки баҳа берип, мүрәжат ийелерине талапқа жуўап бермейтуғын хатлар жоллағанлығы белгили болды.

Сондай-ақ, Елликқала районы «Қылшынақ» аўыл пуқаралар жыйыны баслығының атына пуқара Г.Шарипованың материаллық жәрдем сорап жазған мүрәжаты үйренип шығылып, лекин үйрениўдиң нәтийжеси ҳаққында авторға жуўап хаты жиберилмегени анықланды. Бул жерде усындай фактлердиң және бир-нешеси анықланды.

Прокуратура уйымлары тәрепинен өткерилген қадағалаў илажлары нәтийжесинде анықланған барлық нызам бузылыў жағдайларын сапластырыў бойынша орынларға 41  мәрте усыныслар киргизилди. Солар тийкарында 65 мәпдар шахс интизамлық, 52 шахс болса административлик жуўапкершиликке тартылып, 195 шахстың бузылған ҳуқықлары тикленди.

Әлбетте, ҳеш бир мүрәжат өз-өзинен келип шықпайды, оның артында пуқаралардың дәртлери менен тәшўишлери, өз шешимин күтип турған машқалалар жатыр. Сонлықтан ҳеш бир мүрәжат итибардан шетте қалмаўы тийис. Өйткени, Президентимиздиң атап өткениндей, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек». Буны ҳеш ким, ҳеш қашан умытпаўы керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги