Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында коррупция иллетиниң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, бул бағдарда ҳуқықый сана ҳәм мәдениятты жетилистириўге бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажда басқарма баслығының орынбасары Л.Алимов, усы басқарманың аға оператив ўәкили Е.Ибрагимов, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим прокуроры Б.Искандаров ғәрезсиз елимизде бундай жат иллетлерге қарсы алып барылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, коррупция ең дәслеп, жәмийеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын, елимиздеги ҳәрекет етип турған нызамларға исенимсизлик және оларға ҳүрметсизлик руўхын жүзеге келтиретуғын унамсыз иллет болып табылады. Өзбекстан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилиўи  бул иллетке қарсы гүресиўде ҳуқықый ҳүжжет болып хызмет етпекте. Нызамның 3-бабы оған қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкем хызметкерлериниң, кең жәмийетшиликтиң ҳуқықый сана ҳәм мәдениятын жетилистириўге арналған болып, онда лаўазымлы және басқа да хызметкерлердиң ҳуқықый саўатлылығын, соның ишинде ҳуқықый билим дәрежесин арттырыў бойынша тийисли илажлар көриў белгиленген.

Бүгинги күни «Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жетилистириў миллий бағдарламасы»ның жойбары қабыл етилген болып, онда елимизде ҳуқықый билим ҳәм ағартыўшылық үгит-нәсият жумысларын түп-тийкарынан жақсылаў нәзерде тутылған. Солай екен, бул иллетке қарсы пуқараларымыздың белсендилигин арттырыўымыз, әтирапымызда болып атырған ҳәр қандай жәмийетлик-сиясий ҳәдийселерге бийпәрўа болмаўымыз, ҳәр биримиздиң хызметимиз жәмийетшилик қадағалаўында екенлигин терең сезиниўимиз тийис.

Басқарма хызметкерлери арасында алып барылған усындай үгит-нәсият жумысларының нәтийжесинде 2015-2018-жыллар даўамында коррупцияға байланыслы бир де жағдай ушыраспағанлығы айрықша атап өтилди. Келешекте де Президентимиз, халқымыз тәрепинен билдирилген уллы исенимди ақлап, бажыханашы деген ҳүрметли атқа дақ түсирмеўимиз тийис. Бул ушын, турмысымызда ушырасып туратуғын унамсыз иллетлерге қарсы гүресиў ҳәр биримиздиң әдиўли миннетимиз болыўы тийис.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.