Президент Шавкат Мирзиёев Шайхонтоҳур районының Камалон мәҳәллесинде қурылып атырған көп қабатлы турақ жайларды барып көрди, жазыўшы-шайырлар менен пикирлести.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 18-апрельдеги «Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий бағы аймағында Жазыўшылар қыябанын қурыў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, усы бағды халқымыз, бәринен бурын, жасларымыздың мәдений-ағартыўшылық пикирлеўин жоқарылатыўға хызмет ететуғын ҳәр тәреплеме гөззал ҳәм бийтәкирар дәргайға айландырыў, мәнаўий турмысымызда өшпес из қалдырған белгили сөз шеберлериниң тарийхый естелигин мәңгилестириў мақсетинде бағ аймағында Жазыўшылар қыябаны, Жазыўшылар аўқамының жаңа имараты қурылған еди.

Бул қыябан алдында қурылып атырған усы турақ жайлар жазыўшы ҳәм шайырларға бериледи. Турақ жайдың биринши қабатында мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм шаңарақлық поликлиника қурылады.

4428c261-aba2-4d7c-3bb3-a325b99e736f.jpg

Шавкат Мирзиёев қурып питкерилген квартиралардан бирин кирип көрди. Шаңарақлардың тыныш-абадан жасаўы, балалардың бәркамал болып өсиўи ушын зәрүр шараятларды жаратыў бойынша тапсырмалар берди.

-Биз бәрқулла зиялыларды, дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаўымыз керек, деди Шавкат Мирзиёев. –Олар дөреткен ибратлы шығармаларды, қосықларды жасларымыз қанша көп оқыса, мәнаўияты жоқарылайды, демек, ўатанға садық болады. Ўатанға садықлар қанша көп болса, елимиз де сонша тез раўажланады.

Мәмлекетимиз басшысы турақ жайдың биринши қабатында жайласатуғын бағшада балаларға жаратылған шараятлар менен танысты, хызметкерлер менен пикирлести.

– Мектепке шекемги билимлендириў системасы турақлы итибарымызда болады,-деди Шавкат Мирзиёев. –Балалар әйне бағша жасында билимди тез ҳәм аңсат өзлестиреди, бир өмирге еслеп қалады. Соның ушын бул системаның раўажланыўы менен байланыслы мәселелер бәрқулла дыққатымыз орайында болыўы керек.

Президентимиз мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ушын методикалық қолланбалар ислеп шығыўға айрықша итибар қаратыў, бул жумысларға тәжирийбели дөретиўшилерди де тартыў зәрүрлигин атап өтти.

569ae62d-c86e-a63b-a685-87c974645313.jpg

Бул жерде Ташкент қаласының районларында заманагөй турақ жай комплекслери, исбилерменлик орайлары, дем алыў орынлары ҳәм парклер қурыў, жәмийетлик транспорт хызметин жақсылаў бойынша жойбарлардың презентациясы өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкер хызметкерлерге жойбарларды жетилистириў бойынша көрсетпелер берди.

Президентимиз Бозсуў каналы бойлап қурылған сулыў дем алыў орнын да көзден өткерди.

532fd39a-a42b-bd7f-7df7-8ac06702c37a.jpg

8060a45c-5a85-95f7-e903-c934688e503e.jpg

de6bb3ae-f650-e214-f0bc-84b09328f5fa.jpg

Зиёдулло ЖОНИБЕКОВ,

ӨзА