9-август күни Өзбекстан көлеминде 15 жоқары оқыў орнының 95 тәлим бағдарында 56 мың 642 абитуриент тест сынақларында қатнасты.

Ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы 1381 абитуриент тест сынақларына келмеген.

Тәртип-қағыйдаларды бузғаны ушын 152 абитуриент, соннан 89 абитуриент тест өткериў орнына кириў ўақтында уялы телефон, шпаргалкалар алып кириўге және басқа биреўлердиң орнына кириўге, 67 абитуриент тест процесинде шпаргалкадан пайдаланыў ҳәм басқа абитуриентлерге жәрдем бериўге ҳәрекет еткенлиги ушын имтиханлардан шетлетилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.