Төрткүл районындағы 3-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде  елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамына бағышланған «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстанымсүрени астында ушырасыў болып өтти.

Илажда республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының бөлим баслығы Р.Ражапов,Өзбек миллий академиялық музыкалы театрының актёры  Ҳ.Ташполатов,  республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң доценти Ғ.Низаматдинов, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Ж.Авезов ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  еркин ҳәм абадан турмысымызды тәмийинлеўде, бүгинги ҳәм келешек әўладлар ушын имканиятлар жаратыўда, уллы келешегимизди қурыўда ғәрезсизлиқтиң тутқан орнына тоқтап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 28-июньдеги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарын орынлаў мақсетинде республикамызда кең көлемли шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық илажлар және үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Усы мақсетте дүзилген руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятлаў топары ағзаларының атап өткениндей, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм «Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде мәмлекет ҳәм жәмийет қурылысы системасын жетилистириў, халық пенен турақлы пикирлесиўди жолға қойыў, инсан мәплерин тәмиийнлеў, суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, экономиканы раўажландырыў ҳәм белсенди исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Соның менен бирге, тынышлық-татыўлықты ҳәм қәўипсизликти, миллетлер аралық аўызбиршиликти ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў, сыртқы сиясат тараўында барлық узақ ҳәм жақын мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы байланысларды жедел раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар айқын мысаллар менен келтирип өтилди. Сонлықтанда, ғәрезсизлик берген бундай кең имканиятларды халқымыз, әсиресе жасларымыз арасында үгит-нәсиятлаў, оның қәдирине жетиў,  ҳәр биримиз ушын ҳәм қарыз, ҳәм парыз болып табылады.

Илаж соңында көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Усы мазмундағы ушырасыўлар республикамыздың басқа районларында да болып өтпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.