Бай мәдениятымызды, жоқары мәнаўиятымызды, әййемги ҳәм тәкирарланбас тарийхымызды ен жайдырыўда әдебиятымыздың орны шексиз. Миллий сөз өнеримиздиң жарқын ғайраткерлери менен ҳақылы түрде мақтанамыз. Келешекте өзбек әдебиятының ең сайланды үлгилерин дүнья көлемине алып шығыў, бул бағдарда әҳмийетли изертлеўлер алып барыў үлкен әҳмийетке ийе.

Пайтахтымызда шөлкемлестирилген «Өзбек классикалық ҳәм заманагөй әдебиятын халықаралық көлемде үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўдың әҳмийетли мәселелери» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция миллий әдебиятымыздың раўажланыўы, оның халықаралық майданындағы абырайының буннан былай да жоқарылаўын тәмийинлеў, дүнья халықлары менен әдебий байланысларды беккемлеўдей мақсетлерди гөзлеўи менен дыққатқа ылайық болды.

Жазыўшылар аўқамы, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Илимлер академиясы ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген бул әнжуманға елимиздиң ҳәм жәҳәнниң 25 мәмлекетинен жазыўшы ҳәм шайырлар, аўдармашылар, әдебияттыныўшы илимпазлар, әдебий сыншылар, жас дөретиўшилер мирәт етилди.

Конференция қатнасыўшылары дәслеп Жазыўшылар бағы ҳәм  Өзбекстан Жазыўшылар аўқамында болып, елимизде миллий әдебиятқа қаратылған унамлы ис-ҳәрекетлердиң көлеми, бүгин жумысы дәўир руўхына сай жолға қойылған усы дөретиўшилик шөлкемниң жумысы менен ҳәр тәреплеме танысты. Қатнасыўшылар Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетине тутас майдандағы Ҳәзирет Наўайы естелигине гүл қойды.

43-faqat saytga.jpg

Халықаралық конференция да усы университетте басланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң халықаралық конференция қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев оқып еситтирди.

Халқымыздың әзелден әдебиятқа болған меҳри жоқары. Ғәрезсизлик жылларында миллий әдебиятымызды буннан былай да раўажландырыў жаңа раўажланыў басқышына кирди.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы С.Саййид, ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкил ханасы басшысы Д.Бадарч, Өзбекстан Илимлер академиясының вице-президенти Б.Адуҳалимов, Әзербайжан Жазыўшылар аўқамының баслығы, белгили жазыўшы Анар, Қазақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы У.Есдәўлет, Тәжикстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Н.Қосим, Әлийшер Наўайы атындағы өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң ректоры Ш.Сирожиддинов ҳәм басқалар халықлар, миллетлер арасындағы жақсылық, дослық диалогының кеңейиўинде, мәнаўияттың жоқарылаўында әдебияттың орны шексиз екенин атап өтти.

Ҳақыйқатында да, елимизде әдебияттың раўажланыўына миллий мәнаўиятымызды күн сайын жоқарылатыўдың әҳмийетли қуралы сыпатында итибар қаратылмақта. 2017-жыл 3-август күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң елимиздиң дөретиўши зыялылары менен болып өткен ушырасыўында инсан қәлбин, оның дәрт ҳәм тәшўишлерин, халықтың арзыў-умтылысларын, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимин бийтәкирар сөз, көркем тәсиршең ырғақларда ен жайдарыўды өз өмириниң мазмун-мәниси, деп билген дөретиўши зыялылар алдындағы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

Елимизде биринши мәрте өткерилип атырған ири мазмундағы ҳәм форматтағы әнжуманда атап өтилгениндей, әдебиятшылардың дүнья көлеминдеги пикир алысыўы, түрли халықлар әдебий-эстетикалық ой-пикирлериниң бир-бирине жақынласыўы турмыслық зәрүрлик болып есапланады. Жазыўшылар аўқамы тәрепинен көркем шығармаларды шет тиллерге аўдарма ислеў мақсетинде миллий әдебиятымыздың ең жақсы үлгилерин анықлаў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Ҳәзирги ўақытта дүнья әдебиятының ең сайланды үлгилерин түп нусқасынан аўдарма ислеў, онда жас аўдармашылардың дөретиўшилик шеберлигин ҳәм маманлығын арттырыў әҳмийетли болып табылады.

44.jpg

– Конфрениця қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен қутлықлаў жолланғаны елиңизде миллий әдебияттың раўажланыўына мәмлекетлик көлемде көрсетилип атырған итибардан дәрек береди, – дейди Тегеран педагогика университетиниң профессоры, наўайытаныўшы илимпаз Ҳусайн Муҳаммадзода Сидиғ. – Наўаының «Муҳокамат ул-луғатайн», «Мезон ул-авзон» шығармаларына китаплар жазғанман, ол инсанның ҳикметли сөзлерин, хатларын жыйнап парсы тилине аўдарма ислегенмен. Наўайы шығармаларының сөзлигин жараттым. Бул конференция әдебиятшылардың өзине тән дөретиўшилик пикирлесиў орталығына айланды.

– Әнжуман жүдә көтериңки руўхта өтпекте, – дейди Ҳиндстанның Панжаб штаты Жазыўшылар ассоциациясының баслығы Дев Раж Бхардваж. – Өзбек әдебиятындағы авторлар өз сезимлерин толқынланып, кеўли пәк, ақ көкирек тәризде билдириўи оқыўшыны тәсирлендиреди. Миллий әдебиятымыздың жетекши ғайраткери Бабурдың бийбаҳа дөретиўшилиги ҳинд әдебиятына да өз тәсирин тийгизген.

– Конференция оғада қызықлы дөретиўшилик руўҳта өтип атыр, – дейди АҚШтың Мичиган университети аспиранты Кристофер Форт. – Президент Шавкат Мирзиёев әдебиятқа, дөретиўшилерге айрықша итибар қарататуғынына исеним пайда еттик. Шолпанның «Кеше ҳәм күндиз» романын инглис тилине аўдарма иследим. Ҳәзир де айырым өзбек шығармаларының аўдармасы үстинде ислеп атырман. Мениңше, өзбек әдебиятының өзине тәнлиги онда түрли мәдениятлардың үйлесимлилигинде сәўлеленеди.

– Бул әнжуман өзбек әдебиятының ҳәр қыйлы бағдарларында изертлеўлер алып барып атырған илимпазлар, өзбек жазыўшы ҳәм шайырлары менен ҳәр тәреплеме пикир алысыў имканиятын берип атырғаны менен әҳмийетли, – дейди Токио шет тиллер университетиниң профессоры Хисао Коматсу. – Абдурауф Фитрат, Маҳмудхўжа Беҳбудий шығармаларын япон тилине аўдарма ислеп атырман. Бул болса өткен әсирдиң басындағы жәмийетлик-сиясий, әдебий-мәдений орталықты, жадидшилик ҳәрекетиниң мәнисин кеңирек таллаўға ҳәм үйрениўге шақырады. Елиңизде миллий әдебияттың раўажланыўына көрсетилип атырған үлкен итибар усы конференция жумысының жоқары дәрежеде, әҳмийетли ҳәм талапшаң руўхта шөлкемлестирилип атырғанында да анық сезиледи.

Әнжуманда миллий әдебиятымызды раўажланыдырыў жолындағы ийгиликли ҳәрекетлер сәўлелендирилген видеоролик қойып берилди. Қатнасыўшылар тәрепинен секторларға бөлинген ҳалда өзбек классикалық ҳәм заманагөй әдебиятын сырт елде үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, оларды басқа тиллерге аўдарма ислеў, көркем аўдарма тараўында қәнигелер таярлаўдағы халықаралық алдынғы тәжирийбелер, халықаралық дөретиўшилик байланысларды күшейтиўдиң әҳмийетли мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Пайтахтымыздағы дыққатқа ылайықлы орынлар, китапхана менен музейлер, тарийхый зыярат етиў орынлары илаж қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятты. Түрли дөретиўшилик ушырасыўлар ҳәм пикирлесиўлер, китаплар көргизбеси, мушайралар илажға өзгеше көтериңки руўх бағышлады.

Халықаралық конференция жумысында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султонов, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.Абдуҳакимов қатнасты.

Н.УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы