Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Германия Федеративлик Республикасының «Дойче Велле» Академиясы қәнигелери менен республикамыз ғалаба хабар қуралларының ўәкиллериниң ушырасыўы болып өтти.

Илажда Академияның Орайлық Азия мәмлекетлериндеги билимлендириў жойбары бойынша  менеджери Лидии Ранерт ҳәм ғалаба хабар қураллары бойынша тренери Виктор Рудник «Дойче Велле» (Deutsche Welle-«Немецкая волна») халықаралық мәмлекетлик телерадио компания, оның жанында шөлкемлестирилген академияның ўазыйпалары, атқаратуғын хызмети ҳәм сырт еллердеги кәсиплеслери менен бирге ислесиў бағдарында жумыслары менен жақыннан таныстырды.

Атап өтилгениндей, 1953-жылы шөлкемлестирилген бул телерадиокомпанияның штаб квартирасы Бонн қаласында жайласқан болса, тийкарғы студиялары Берлин қаласында жумыс алып барады. Бүгинги күни бул жерде дүньяның 60 мәмлекетинен 3 мыңнан аслам хызметкер ҳәм фрилансер жумыс алып барады. Телерадиоомпанияның базасында шөлкемлестирилген академия   жас  журналист қәнигелери оқытыў менен бирге, сырт еллердиң журналистлерине өзиниң арнаўлы билимлендириў және тренинг бағдарламаларын усынады.

-Тийкарғы мақсетимиз, Өзбекстан, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасындағы ғалаба хабар қуралларының, сондай-ақ, журналист қәнигелерин таярлайтуғын жоқары оқыў орынларының жумыслары менен жақыннан танцысыў ҳәм келешекте олар менен бирге ислесиў болып табылады,-дейди жойбар  менеджери Лидии Ранерт.-Сапарымыз даўамында Ташкент қаласында, Әндижан, Наманган ҳәм Хорезм ўәлаятларында болдық. Әлбетте барлық тараўлар сыяқлы, баспасөз ҳәм қалаба хабар қуралларында айтарлықтай өзгерислер, унамлы жаңаланыўлар жүз берип атырғанының гүўасы болдық. Келешекте Германия экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажландырыў Федераллық министрлигиниң қаржыландырыўында Өзбекстандағы ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын еки семинар-тренинг өткериўди режелестирип отырмыз.

Илаж даўамында өз-ара тәжирийбе алмасылып, бирге ислесиў раўажландырыў бойынша пайдалы пикир алысыўлар болды.

Күнниң екинши ярымында мийманлар Қарақалпақстан радиосында, телевидениеде, «Еркин Қарақалпақстан»-«Вести Каракалпакстан» газеталарының редакцияларында болып, жумыслар менен жақыннан танысты.

 

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы