– Өзбекстанға көп емес, аз санлы ҳәм заманагөй армия керек, – булл пикирди 3-август күни Сенаттың қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң есап бериў ўақтында комитет ағзасы Бойматжон Расулов алға сүрди, деп хабар бермекте Gazeta.uz сайтына тийкарланып Daryo.uz.

– Өзбекстан ҳәзирги ўақытта профессионал ҳәм аз санлы армияны қәлиплестирмекте. Әскерий доктринаға муўапық, Өзбекстан – тынышлық сүйер мәмлекет. Сол себепли де, армияның саны мәмлекеттиң ишки қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын жетерли болса, соның өзи жеткиликли.

Июль айының басында комитет хызметке шақырыў жасын 27 емес, 25 жас деп белгилеў ҳаққында Бас министрге парламентлик сораўын жиберген. Министрлер Кабинети октябрь айында сораўға жуўап береди.

– Шақырыў комиссиялары сайлап алыў өткереди ҳәм бул оғада жақсы, себеби барлық жигитлерди әскерий хызметке тартыўдың илажы жоқ. Шақырыў жасын 25 жас етип белгилеў арқалы биз армияда хызмет етип атырғанлардың санын азайтпақшымыз, – дейди Бойматжон Расулов.

Сенатордың мәлим етиўинше, қорғаныў ислери басқармаларынан мағлыўматнама алыў бийкар етиледи. Атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлар тәрепинен жумысқа кириў, билимлендириў мәкемелерине қабыллаў, пенсия тайынлаў, паспорт алыў ҳәм басқа жағдайларда пуқаралардан әскерий билет ямаса әскерий бөлимде есапта турғаны ҳаққындағы гүўалықты талап етиў тәртиби сапластырылады.

Комитеттиң Бас министрге жиберген сораўына бола, пуқаралардан қорғаныў ислери басқармалары беретуғын мағлыўматнаманы талап етиўге шек қойылады. Сондай-ақ, сораўда 2019-жылдың 1-январь күнинен баслап әскерий хызмет пенен байланыслы ҳүжжетлерди усыныўды Мәмлекетлик хызметлер агентлигине тапсырыў усыныс етилген. Ҳүкимет басламаны қоллап-қуўатлаған.

– Буннан былай студент ҳәм басқа әскерий миннетлемеси болған адамлар қорғаныў ислери басқармаларына мағлыўматнама алыў ушын барып жүрмейди, – деген Бойматжон Расулов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.