Kun.uz сайтының хабар бериўинше, 6-август күни болып өткен тест сынақларының нәтийжеси Мәмлекетлик тест орайының сайтында 7-август күни саат 19:10 да жәрияланды.

 

Мағлыўматларға қарағанда, усы күни өткерилген тест нәтийжелери бойынша Өзбекстан көлеминде мәмлекетлик грант бойынша ең жоқарғы өтиў балы: 208,2 балл, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Юриспруденция» (өзбек) тәлим бағдары.

 

Төлемли-контракт бойынша ең жоқары өтиў балы: 150,6 балл, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Юриспруденция» (қарақалпақ) тәлим бағдары.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.