Турдиев Қалбай Абиевич Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри етип тайынланды.

Қ.Турдиев 1964-жылы Шымбай районында туўылған. Ташкент мәденият институтын тамамлаған.

Ол усы күнге шекем Бердақ атынған Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры директоры лаўазымында ислеп киятырған еди.

Көп жыллар даўамында мәденият тараўында басшы лаўазымларда ислеген.

Мағлыўмат ушын, усы күнге шекем Мәденият министри лаўазымында ислеген Полат Айтмуратов Қарақалпақстан Республикасы Жас тамашагөйлер театры директоры лаўазымына тайынланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги