Елимиз ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың атына шет мәмлекетлер менен ҳүкиметлерден, абыройлы халықаралық шөлкемлердиң басшыларынан шын жүректен қутлықлаўлар келмекте. Оларда мәмлекетимиз басшысына ығбал-бахыт, аманлық ҳәм табыслар, Өзбекистан халқына тынышлық-татыўлық, раўажланыў менен абаданлық тилеп, шын кеўилден жақсы тилеклер билдирилген.

 

Өзбекистан Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

 Ҳүрметли Президент Мырза!

Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаны ҳәм пүткил Өзбекистан халқын Қытай халқының ҳәм өзимниң атымнан қутлы сәне – Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлайман ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

26 жыллық ғәрезсиз раўажланыў дәўиринде Өзбекистанда сиясий турақлылық, экономикалық раўажланыў избе-из тәмийинленбекте, елиңиздиң халықаралық көлемдеги абыройы артпақта, сондай-ақ, мәмлекетлик қурылыс саласында жоқары табысларға ерисилмекте. Өзбекистан Республикасы Президенти лаўазымында жумыс баслағаныңыздан берли, Сизиң басшылығыңызда стратегиялық әҳмийетке ийе бир қатар үлкен өзгерислер әмелге асырылмақта, жаңа имканиятлар ашылмақта. Бул Өзбекистан халқы тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланбақта.

Сиз быйылғы жылдың май айында Қытайға дәслепки мәмлекетлик сапарды әмелге асырдыңыз ҳәм «Бир мәкан, бир жол» халықаралық форумында қатнастыңыз. Сиз бенен нәтийжели сөйлесиўлер өткердик, еки тәреплеме қатнасықларымыздың раўажланыўына жаңа пәт бағышлаған бир қатар әҳмийетли келисимлерге ерисилди.

Мен Қытай менен Өзбекистан арасында ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти раўажландырыўға ҳәм Сиз бенен дослық қатнасықларды буннан былай да беккемлеўге айрықша әҳмийет қаратаман. Еллеримиз бенен халықларымыздың абаданлығы жолында ҚХР ҳәм Өзбекистан арасындағы ҳәр тәреплеме шерикликти биргеликте раўажландырыў ҳәм беккемлеў мақсетинде Сиз бенен өз-ара жақын қатнасықларымызды избе-из даўам еттириўге таяр еекенимди билдиремен.

Пурсаттан пайдаланып, Өзбекистан Республикасына раўажланыў ҳәм абаданлық, халқыңызға ығбал-бахыт тилеймен.

Си ЦЗИНЬПИН,

Қытай Халық Республикасы Баслығы

***

Өзбекистан Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди Өзбекистан Республикасы Ғәрезсизлик күни менен шын кеўилден қутлықлайман.

Өзбекистанның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўында ерискен табыслары ҳәммеге белгили. Өзбекистан дүнья көлеминде жоқары абыройға  ийе ел сыпатында халықаралық әҳмийетли мәселелерди шешиўде айрықша орын ийелейди.

Мәмлекетлеримиз арасында стратегиялық шериклик ҳәм аўқамлық қатнасықлардың избе-из раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтемен. Өз-ара байланыслардың барлық бағдарлары бойынша және Орайлық Азияда турақлылықты ҳәм қәўипсизликти беккемлеў жолындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы жумысларды Сиз бенен биргеликте даўам еттириўге таяр екенимди тастыйықламақшыман. Бул Россия менен Өзбекистан халықларының мәплерине толық сәйкес келетуғынына исенемен.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, шын кеўлимнен беккем денсаўлық ҳәм табыслар, халқыңызға ығбал-бахыт ҳәм абаданлық тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Владимир ПУТИН,

Россия Федерациясы Президенти

 

***

Өзбекистан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди Қазақстан халқының ҳәм жеке өзимниң атымнан Өзбекистан Республикасының Милий байрамы – Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлайман.

Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлик жылларында миллий мәмлекетшилик тийкарларын беккемлеў, халықтың абаданлығын арттырыў, елдиң халықаралық көлемдеги абыройын арттырыў бағдарында үлкен табысларға еристи.

Қазақстан туўысқан Өзбекистан халқы менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратады. Мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары буннан былай да өз-ара исеним ҳәм халықларымыздың қоллап-қуўатлаўы тийкарында избе-из раўажланыўда даўам ететуғынына сөзсиз исенемен.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизге елиңиздиң раўажланыўы жолында мәмлекет басшысы лаўазымындағы жумысыңызда беккем денсаўлық, үлкен пәрўазлар ҳәм шексиз жигерлилик, туўысқан Өзбекистан халқына тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.

Жақсы тилеклер менен,

Нурсултан НАЗАРБАЕВ,

Қазақстан Республикасы Президенти

 

***

Өзбекистан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы Мәртебели Мырза!

Сизди ҳәм Өзбекистан халқын Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы менен қутлықлаўға руқсат еткейсиз.

Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлик жылларында сиясат, дипломатия, экономика, социаллық салалаларда ҳәм ҳәм басқа да бағдарларда ерискен үлкен табысларды ҳүрмет пенен тән аламан. Сиз, Уллы Мәртебели Мырза, өткен жыл декабрь айында Президент лаўазымына кирискениңизден соң белсене әмелге асырып атырған сиясий реформалар жоқары нәтийжелер беретуғынына тилеклеспен.

Мәмлекетлеримиз арасында 1992-жылы өз-ара дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанынан соң жоқары исеним ҳәм дослық қатнасықларына тийкарланған өз-ара пайдалы шериклик байланыслардың беккемленип атырғаны мени қуўанышқа бөлейди. Мырза Президент, быйылғы жылы Сиз бенен Сеулде ушырасып, еллеримиз арасындағы дослық тийкарындағы бирге ислесиўди буннан былай да жоқары дәрежеге көтериў ушын зәрүр болған барлық мәселелерди додалап алыўымызға үмит етемен.

Мырза Президент, Сизге беккем денсаўлық, Өзбекистан Республикасына мәңги абаданлық тилеймен.

Мун Чжэ ИН,

Корея Республикасы Президенти

***

Өзбекистан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза  Шавкат Мирзиёевқа

 

Ҳүрметли Президент Мырза!

Қәдирли достым!

Сиз Уллы Мәртебели Мырзаны, Сизиң тымсалыңызда пүткил өзбек халқын Өзбекистанның Миллий күни мүнәсибети менен қутлықлағанымнан оғада бахытлыман.

Дипломатиялық қатнасықларымыз орнатылғанының 25 жыллығына туўра келген 2017-жылда бирге ислесиўимиз сезилерли дәрежеде жеделлести. Өткен жылдың ноябрь айында Самарқандтағы ушырасыўымыз бул жағынан бурылыс бағдары болып хызмет етти ҳәм турақлылыққа ийе жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер арқалы қатнасықларымыз барлық салаларда жедел раўажланбақта. Быйыл октябрь айында Сизиң Түркияға әмелге асыратуғын сапарыңыз бүгинги күндеги қатнасықларымызды жаңа басқышқа көтериўде үлкен әҳмийетке ийе болатуғынына исенемен.

Халықларымыз арасындағы әййемги дослық байланыслары беккем тийкар болған Түркия-Өзбекистан қатнасықларын Сиз Уллы Мәртебели Мырза менен бирге буннан былай да раўажландырыў тарийх алдындағы бирдей жуўапкершилигимиз болып табылады.

Пурсаттан пайдаланып, Сиз Уллы Мәртебели Мырзаға саў-саламатлық, ығбал-бахыт, туўысқан өзбек халқына аманлық ҳәм абаданлық  тилеймен.

Режеп Таййип ЭРДЎҒОН,

Түркия Республикасы Президенти

***

 Өзбекистан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза  Шавкат Мирзиёевқа

Ассалаўма-әлейкум ва раҳматуллоҳи ва барокатуҳу

Сиз, Уллы Мәртебели  Мырзаға елиңиздиң Ғәрезсизлиги күни мүнәсибети менен Сауд Арабстаны Патшалығы халқының, ҳүкиметиниң ҳәм өзимниң атымнан шын кеўилден қутлықлап, жақсы тилеклер жоллағанымнан қуўанышлы екенимди билдирип Сизге саў-саламатлық ҳәм ығбал-бахыт, Өзбекистан халқына буннан былай да раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймен.

Уллы Мәртебели  Мырза, сәлемим менен ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Салмон бин Абдулазиз Ол  САУД,

Сауд Арабстаны Патшасы,

 Еки муқаддес мешиттиң хызметкери

***

  Өзбекистан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза  Шавкат Мирзиёевқа

Сизге, Уллы Мәртебели Мырзаға пүткил өзбек халқына Өзбекистан Республикасының Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен бахыт ҳәм абаданлық тилеймен.

ФИЛИПП,

 Бельгиялылар Патшасы

 

Сондай-ақ, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:

Армения Республикасы Президенти Серж Саргсян

Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко

Тәжикстан Республикасы Президенти Имомали Раҳмон

Ҳиндстан Республикасы Президенти Рам Натх Ковинд

Сауд Арабстаны Патшалығы мийрасқоры, Министрлер Кабинети баслығының орынбасары Муҳаммад бин Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд,

Алжир Халық Демократиялық Республикасы Президенти Абдулазиз Бутефлика

Сингапур Республикасы Президенти Тони Тан Кенг Ям

Италия Республикасы Президенти Сержио Маттарелла

Польша Республикасы Президенти Анджей Дуда

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.