Ҳуқықтаныўшы Хушнудбек Худайбердиевтиң жазыўына қарағанда, егер ай календары бойынша Қурбан ҳайт байрамы 22-августқа белгиленсе, онда ҳәптесине 5 күн ислейтуғын избе-из 3 күн – 22-23-24-август күнлери дем алыўы мүмкин болады. Егер Қурбан ҳайт байрамы айдың шығыўы есабынан басқа күнге, айтайық, 21- ямаса 23-августқа белгиленсе, бунда бираз түсиниксиз жағдай пайда болады. Бирақ, солай болса да, автордың пикиринше, пуқараларға қолайлық жаратыў мақсетинде Қурбан ҳайтының биринши күнин белгилеў ҳаққындағы Президент пәрманында бир ўақытқа дем алыс күнлерин көшириў мәселеси де нәзерде тутылыўы, яғный, 23-24-августқа көширилген дем алыс күнлериниң бири сәйкес рәўиште 22-августқа көширилиўи мүмкин.

25-август (шемби) ҳәм 26-август (екшемби) күни барлық хызметкерлерге жумыс күни болады – 5 күнликлерге де, 6 күнликлерге де.

 

Енди Ғәрезсизлик байрамы қарсаңындағы дем алыс күнлерине тоқталып өтсек. Бунда да 5 ҳәм 6 күнлик жумыс күни ислеўшилер ушын дем алыс күнлери парқланады.

Ҳәптесине 5 күн ислейтуғын хызметкерлерге төмендеги күнлер дем алыс күни есапланады (5 күн избе-из):

31-август – қосымша дем алыс күни;

1-сентябрь – Ғәрезсизлик байрамы;

2-сентябрь – екшемби;

3-сентябрь – көширилген дем алыс күни;

4-сентябрь – көширилген дем алыс күни.

Ҳәптесине 5 күн ислейтуғынлар ушын 8- ҳәм 15-сентябрь – шемби күнлери жумыс күни болады.

 

Ҳәптесине 6 күн ислейтуғын хызметкерлерге төмендеги күнлер дем алыс күни есапланады (3 күн избе-из):

31-август – қосымша дем алыс күни;

1-сентябрь – Ғәрезсизлик байрамы;

2-сентябрь – екшемби.

Ҳәптесине 6 күн ислейтуғын хызметкерлер ушын 3- ҳәм 4-сентябрь (дүйшемби ҳәм сийшемби) күнлери жумыс күни болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.