Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-август күни жүзим плантацияларын көбейтиў, виношылықты раўажландырыў, алкогольли өнимлерди ислеп шығарыўды ҳәм экспорт етиўди кеңейтиў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Елимизде барлық тараўларда түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Экономика тармақларын раўажландырыў мақсетинде олардың жумысындағы нормативлик-ҳуқықый тийкарлар жетилистирилип, структурасы жаңаланбақта. Басшыларға заман талапларына сай жумысты жолға қойыў, инвестицияларды тартыў, жаңа өндирислик қуўатлықларды иске түсириў, экспорт көлемин арттырыў ҳәм географиясын кеңейтиў ўазыйпалары жүкленбекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 28-февральдағы «Виношылық тараўын ҳәм алкогольли өнимлерди реализациялаўды түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, «Өзшарапсанаат» акционерлик жәмийети де қайта шөлкемлестирилип, жаңа структурасы тастыйықланды ҳәм басшылары жаңаланды. Жүзим плантацияларын көбейтиў ҳәм виношылықты раўажландырыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленди.

Бирақ, бар жағдай санлар менен талланғанда, тармақта өсиў дерлик бақланбай атырғаны белгили болады. Мәселен, тармақтағы 62 өндирислик субъект быйылғы жылдың биринши ярымында 951 миллиард сумлық вино ҳәм алкоголь өнимлерин ислеп шығарған. Бул көрсеткиш елимиз санаатының тек ғана  1 процентин қурайды. Елимизде санаат 11 процентке өскен болса, усы тармақта бул көрсеткиш тек ғана 0,9 проценттен ибарат.

Арақ, вино, спирт, шампан виносын ислеп шығарыў қуўатлықларынан пайдаланыў дәрежеси төменлеп кеткен. Усы жылдың биринши ярымына байланыслы көрсеткишлер 2017-жылдың сол дәўирине салыстырғанда да бир қанша аз. Ақыбетинде оның ислеп шығарыў прогнозлары орынланбаған. Бул машқаланы сапластырыў ушын тармақ басшылары қуўатлылықтан пайдаланыў дәрежесин кескин түсирип жиберген заводларды айрықша үйренип, тийисли илажлар көриўи керек. Бурын тармақ заводлары өз қуўатлығының тийкарғы бөлегин жасырын өндириске бағдарлаған жағдайлар да болған. «Екинши линия» деп аталған бул иллеттиң және жүзеге келиўине жол қоймаўымыз керек.

Өндиристе өнимлер түрлери муғдарының тең салмақлылығына итибар берилмей атыр. Соңғы 10 жылда ислеп шығарылып атырған жүзим виносы арақ ҳәм ликёрға салыстырғанда 2,5-3 есеге азайып кеткен. Себеби, дәслепки вино ислеп шығарыў кәрханалары 200 мың тонна жүзимди қайта ислеп, 14 миллион декалитр виноматериалын таярлаў қуўатлылығына ийе болса да, шийки заттың азлығы себепли бул қуўатлықлардың тек ғана 15 процентинен пайдаланылмақта. Вино материал таярлайтуғын кәрханалардың тек 25 проценти ғана модернизацияланған болып, қалғанларында елеге шекем өткен әсирдиң 90-жылларында орнатылған үскенелер ислетилмекте. Сол себепли дерлик 4 миллион декалитр таяр қадақланған вино өнимин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болған 25 кәрхана 57 процент қуўатлылық пенен ислемекте.

Буның тийкарғы себеби, виноға қолайлы жүзимшилик майданы ҳәм өнимдарлығы кескин азайып кеткени болып есапланады. Елимизде 73 гектар жүзимшилик бар. Оның 10 мың гектарында виноға қолайлы жүзим жетистириледи. Соннан «Өзшарапсанаат» кәрханаларына тийисли жүзимшилик 4,3 мың гектарды қурайды. Бул муғдар менен өндирис талапларын қаплап болмайды. Сол себепли быйылғы жыл февраль айында «Өзшарапсанаат» кәрханаларына 2021-жылға шекем виноға қолайлы жүзимшиликлерди 10 мың гектарға жеткериў ўазыйпасы қойылған еди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, ҳәзирге шекем тек ғана 390 гектарға виноға қолайлы жүзим нәллери егилген. Ҳәкимликлер ажыратқан 6,8 мың гектар жер майданының 2,5 мың гектарында гүзге барып жүзимшиликлер шөлкемлестириў мөлшерленбекте.

Өним, яғный шийки заттың азлығына «Өзшарапсанаат» акционерлик жәмийети қурамындағы агрофирмалардың төменлиги ҳәм немқурайдылығы да себеп болмақта. 21 агрофирмаға қараслы жер майданларының тек 1,1 мың гектары жүзимшилик болып, қалған 1,3 мың гектары улыўма өзлестирилмеген. Бул фирмалар 2017-жылды 3 миллиард сум зыян менен жуўмақлаған.

Соларды есапқа алып, жуўапкер шахсларға жүзимшиликти ҳәм жүзимди қайта ислеўди кескин раўажландырыў, алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлықларын модернизациялаў ҳәм жаңа қуўатлықлар шөлкемлестириў бойынша 5 жыллық бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.

Бағдарламаны таярлаўда виноға қолайлы жүзимшилик ҳәм заманагөй нәлханаларды шөлкемлестириў ушын виношылық кәрханаларына 10 мың емес, 20 мың гектар жер майданынын ажыратып бериў илажларын есапқа алыў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, арақ заводларына лицензия бериў шәртлериниң қатарына виноға қолайлы жүзимшилик жаратыў ҳәм таяр вино өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў талабын киргизиў, «Өзшарапсанаат» системасындағы агрофирмалардың жумысын сын көзқарастан көрип шығып, өзлестирилмеген ямаса нәтийжели пайдаланылмай атырған жер майданларын виноға қолайлы жүзимшилик бағларын шөлкемлестириў ушын кластер усылында жеке мүлк ийелерине бериў бойынша мәнзилли илажларды ислеп шығыў зәрүр.

Жаңадан шөлкемлестирилип атырған жүзимшилик өнимге кириўи ушын ўақыт керек болады. Оны бийкар өткерместен түрли мийўелерден вино, уксус ҳәм сидр таярлаўды жолға қойыў керек. Сонда елимизде мийўениң бир бөлими қайта исленбей зая болыўының да алды алынады. «Өзшарапсанаат» акционерлик жәмийети сырт ел тәжирийбесин ҳәм ишки имканиятларды үйренип, жаңадан таярланатуғын бағдарламаға мийўелерден вино ҳәм басқа да өнимлер ислеп шығарыўды усы жылдың өзинде шөлкемлестириў ҳәм кейинги жыллары кеңейтиў бойынша илажлар қосыўы зәрүр.

Жаңа бағдарламаға тармақ экспортын кескин арттырыў бойынша анық илажларды да киргизиў кереклиги атап өтилди. Себеби, елимиздиң арақ-ликёр өнимлерине сырт елде талап жоқары емес, тармақ экспортының тийкарғы бөлегин виноматериаллар қурайды. Биринши ярым жыллықта болса экспорт көлеми тек ғана 9,6 миллион долларды ямаса режениң 85 процентин қураған.

Ҳәммемизге белгили, Өзбекстанда дүнья талаплары дәрежесиндеги вино ислеп шығарыў имканиятын беретуғын Пино нуар, Шардонэ, Совиньон-блан сыяқлы жүзим сортлары жетистирилмейди. Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы олардың нәллерин импорт етиўди қадаған еткен. Себеби бул филлаксера, яғный жүзим нәллерин қурғатып жиберетуғын зыянкес шыбын-ширкейдиң тарқалыўына алып келиўи мүмкин. Соның ушын бул сортлардың нәлин емес, қәлемшесин алып келип, қатаң карантин шараятында нәлханада өсирип, көбейтиў керек. Соннан келип шығып, Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясына виношылық раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў сертификатланған жүзим сортларының қәлемшелерин алып келиў бойынша усыныслар таярлаў тапсырылды.

Мәжилисте тараўға тиккелей инвестицияларды тартыў жумыслары да талап дәрежесинде емеслиги атап өтилди. «Өзшарапсанаат» системасындағы айырым кәрханаларда үскенелердиң тозғанына, виношылық ҳәм алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў инвестиция киргизиў ушын ең қолайлы тармақлардан бири екенине қарамастан, ҳәзирги ўақытта өзлестирилип атырған инвестициялардың тек ғана 0,5 проценти усы тараўға туўра келеди. Усы жылы өткен жылға салыстырғанда 2 мәрте көп  – улыўма нырқы 59 миллион долларлық 31 тармақ жойбары әмелге асырылмақта, бирақ олардың дерлик ярымы жыл ақырына шекем иске түсиўи белгисиз.

Сондай-ақ, немқурайдылық себепли тармақ кәрханалары тәрепинен тараўға байланыслы болмаған бағдарларда әмелге асырылып атырған 101 миллион долларлық 21 жойбарға улыўма сырт ел инвестициясы тартылмаған. Олардың 15 и усы жылы пайдаланыўға тапсырылмай қалыўы мүмкин.

Жуўапкер адамлар усыларды есапқа алып, еки ай мүддетте сырт ел инвестцияларының қатнасыўында виношылықты раўажландырыў ҳәм арақ-ликёр өнимлерин ислеп шығарыў тараўын модернизациялаў бойынша кеминде 300 миллион долларлық жойбарлар дизимин қәлиплестирип, 2019-2022-жылларға байланыслы инвестиция бағдарлары шеңберинде олардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў илажларын белгилеўи зәрүр.

Және бир әҳмийетли мәселе алкоголь өнимлерин жасырын ислеп шығарыў ҳәм сатыў жағдайларының алдын алыў менен байланыслы. Бул ушын мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў зәрүр. Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм «Өзшарапсанаат» акционерлик жәмийетине 2019-жыл 1-июньге шекем «ислеп шығарыўшы – көтере сатыўшы – усақлап сатыўшы – тутыныўшы» шынжыры бойынша алкогольли өнимлерди қадағалаў имканиятын беретуғын электрон системаны иске қосыў илажларын көриў тапсырылды.

Тармақ басшыларының алкоголь өнимлерин сатыў монополиясын басқышпа-басқыш тамамлап, оларды меншиклестириў ҳаққындағы усынысы додаланып, бунда ҳәр түрли қыңырлықлардың келип шығыўы, соның ишинде, «екинши линия» пайда болыўы, пайданы жасырыўдың жаңа схемаларының жүзеге келиўиниң алдын алыў мәселесин, бул усыныс алкоголь өнимлери саўдасынан мәмлекетлик бюджетке түсетуғын акциз ҳәм қосымша қун салығы көлемлерине қандай тәсир ететуғынын, улыўма, ислеп шығарылған ҳәм сатылған өнимлердиң есап-санағы қай тәризде тәртипке салынатуғынын терең үйрениў зәрүрлиги атап өтилди. Бул ҳаққында Бас прокуратура ҳәм Мәмлекетлик салық комитети тийисли жуўмақ бериўи керек.

Мәжилисте елимиз аймағына алкоголь ҳәм этил спирти өнимлерин нызамсыз жоллар менен кирип келиўиниң алдын алыў мәселеси де көрип шығылды. Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳуқық қорғаў уйымлары менен бирге бул машқаланы сапластырыў бойынша оператив илажларды күшейтиўге айрықша итибар қаратыўы зәрүрлиги атап өтилди.

ӨзА